Siyosat МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТИ ҲАҚҚЫНДА

МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТИ ҲАҚҚЫНДА

0
МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТИ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасыныӊ 2022-жыл 3-август күнги  «Мәмлекетлик  пуқаралық хызмети  ҳаққында»ғы ӨРН-786-санлы Нызамы қабыл етилди. )

         1. Нызам мәмлекетлик пуқаралық хызмети саласындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыўға хызмет етеди.

 Нызамныӊ әмел етиўи Мәмлекетлик  пуқаралық хызмети лаўазымларыныӊ мәмлекетлик реестрине киргизилген лаўазымлардағы мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиӊ искерлигине салыстырғанда қолланылады.                            

        2. Нызамныӊ әмел этиўи:

          Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларыныӊ ҳәм Сенаты ағзаларыныӊ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғи Кеңеси ҳәм  тағы басқа жергиликли мәмлекетлик  ҳәкимияты ўәкиллик шөлкемлери депутатларыныӊ, Өзбекстан Республикасы Олий Кенгаши Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты топламлары хызметкерлериниӊ, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзаларыныӊ, судьялардыӊ ҳәм суд системасы хызметкерлериниӊ;

         3. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки басқарыўы ағзаларыныӊ, прокуратура, ишки ислер, қорғаў жумыслары, айрықша жағдайлар, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы, Мәмлекетлик бажыхана хызмети, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шөлкемлеринде хызметти өтеп атырған мәмлекетлик хызметкерлериниӊ, атап айтқанда әскерий хызметкерлердиӊ; мәмлекетлик шөлкемлериниӊ техникалық, ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў хызметкерлериниӊ искерлигине салыстырғанда қолланылмайды.

        4. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги мәмлекетлик пуқаралық хызмети саласындағы арнаўлы кепилликли мәмлекетлик уйымы есапланады.

        5. Нызам менен төмендегилер белгиленди:

      - мәмлекетлик пуқаралық хызмети саласында Өзбекстан Республикасы   Президенти, Министрлер Кабинети, мәмлекетлик шөлкемлериниӊ кепилликлери;

        - мәмлекетлик пуқаралық хызметкериниӊ ҳуқықый мәртебеси, атап айтқанда, оныӊ  ҳуқықлары, миннетлемелери, жуўапкерлиги, шеклеўлер;

        - мәмлекетлик пуқаралық хызмети саласында коррупцияныӊ алдын алыўға тийисли илажлар ;

         - мәмлекетлик пуқаралық хызметинде сыйлықларға салыстырғанда мүнәсибетте болыў шәртлери, мәплер соқлығысыўы, дәраматлар ҳәм буйым-мүлкти декларациялаў бойынша нормалар;

         - мәмлекетлик пуқаралық хызметн лаўазымларыныӊ илимий тәжирийбе дәрежелери;

        - мәмлекетлик  пуқаралық хызметкерин социаллық тәрептен қорғаў  түрлери, оныӊ турмысына, саламатлығына ҳәм мал-мүлкине жеткерилген зыянныӊ орнын қаплаў тәртиплери.

        6. Нызамға муўапық, төмендегилер мәмлекетлик  пуқаралық хызметине қабылланыўы мүмкин емес:

       - он сегиз жасқа толмаған шахслар, егер мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымына тийисли илимий тәжирийбе талапларында басқаша қағыйда белгиленбеген болса;

       - суд тәрепинен мәмилеге уқыпсыз ямаса мәмиле уқыбы  шекленген деп табылған шахслар ;

       - судтыӊ шешими менен арнаўлы бир мүддетке мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларын ийелеў ҳуқықынан айрылған шахслар;

       - коррупцияға тийисли жынаятларды ислеўде суд тәрепинен айыплы деп табылған шахслар ;

       - салмақлы ҳәм оғада салмақли жынаятларды ислегенлиги  ушын судланғанлық жағдайы тамамланбаған ямаса алып тасланбаған шахслар ;

       - медициналық нәтийжеге тийкарынан саўлығыныӊ жағдайы мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымын ийелеў имканиятын бермейтуғын шахслар ;

       - мәмлекетлик пухаралық хызметин өтеў менен байланыслы болған ҳәм усы  Нызамда нәзерде тутылған шеклеўлерге әмел етиўди бийкар еткен  шахслар.

        7. Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерине салыстырғанда төмендеги интизамий жаза илажлары қолланылады :

       - сөгис;

       - орташа айлық ис ҳақысыныӊ отыз процентинен көп болмаған муғдарда жәрийма;

     - илимий тәжирийбе дәрежесин төменлетиў;

      - мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымын төменлетиў;

      - ийелеп турған мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымынан азат етиў.

 

          З.М.Ережепов

          Тахтакөпир районы прокурорыныӊ жәрдемшиси