Siyosat Халықты дизимге алыў бойынша оқыў семинар шөлкемлестирилди.

Халықты дизимге алыў бойынша оқыў семинар шөлкемлестирилди.

0
Халықты дизимге алыў бойынша оқыў семинар шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2020-жыл 11-ноябрьдеги  “Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыӯға таярлық көриӯ ҳәм оны өткериӯ илажлары ҳаққында” ғы 710-санлы қарар талапларын орынлаӯ мақсетинде районлық дизимге алыӯ бөлиминде  1-3-август күнлери аралығында  Регистратор (үй-жай дизимин шөлкемлестириӯши) хызметкерлерди оқытыӯ ҳәм көнликпелерин асырыӯ бойынша оқыӯ семинарлары шөлкемлестирилди.  Оқыӯ семинарыныӊ ашылыӯына район ҳәкиминиӊ орынбасары Қ.Дәрибаев, Районлық статистика  бөлими баслығы Қ.Ембергенов, Тахтакөпир районлық дизимге алыӯ бөлим баслығы П.Назибековлар ҳәм мәҳәллелерге бириктирилген 11 регистраторлар қатнасты. Семинар жуўмағында регистраторлар менен биргеликте мәҳәллелерге шыққан ҳалда әмелий шынығыўлар өткерилип ҳәм регистраторлар өзлери қызықтырған сораўларына жуўаплар алып билим ҳәм көнликпелери асырылды.

 

П.Нәзибеков

Тахтакөпир районлық дизимге алыў бөлими баслығы