Siyosat САЛЫҚ НЫЗАМШЫЛЫҒЫНДАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР

САЛЫҚ НЫЗАМШЫЛЫҒЫНДАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР

0
САЛЫҚ НЫЗАМШЫЛЫҒЫНДАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР

2022-жыл 12-июльдағы Өзбекстан Республикасыныӊ «Салық кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы 783-санлы Нызамына муўапық  Салық кодексине арнаўлы экономикалық зоналардың қатнасыўшыларына салық жеңилликлерин нәзерде тутыўшы қосымшалар киргизилди.

1. Салық кодексине киргизилген қосымшалар менен арнаўлы экономикалық зоналардыӊ қатнасыўшыларына пайда салығы бойынша жеӊилликлер бериў мүддетлери  белгиленди (473-статьяныӊ екинши бөлими).

Оған муўапық, жеӊиллик  мүддети инвестиция көлемине қарап:

3 млн.  АҚШ долларынан – 5 млн. АҚШ долларына шекем инвестиция 

ушын – 3 жыл;

5 млн. АҚШ долларынан – 15 млн. АҚШ долларына шекем инвестиция

ушын – 5 жыл;

15 млн. АҚШ доллары ҳәм оннан көп инвестициялар ушын – 10 жыл мүддетке пайда салығынан азат етиледи.

Усы мүддетлер ислеп шығарыў объекти пайдаланыўға қабыл етилген сәнеден баслап есапланады(474-статьяныӊ екинши бөлими).

2. Усы экономикалық зоналар қатнасыўшылары тәрепинен пайда салығы бойынша жеӊилликлердиӊ 2020-жыл 1-январьдан кейин пайдаланылмай  қалған бөлими 2020-жыл 1-октябрьге шекем арнаўлы  экономикалық зоналар қатнасыўшыларыныӊ реестрине киргизилген қатнасыўшыларға салыстырмалы олар тәрепинен киргизилген, 2020-жыл 1-январьға шекем әмелде болған нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған инвестициялардыӊ көлемине қарап, усы қатнасыўшылар реестрге киргизилген пайыттан баслап 3 жылдан 10 жылға шекем болған мүддетке толық қолланылыўы белгиленди (483-статьясы он тоғызыншы бөлим).

З.М.Ережепов

Район  прокурорыныӊ жәрдемшиси