ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎДА ЖЕТИК ТӘЖИРИЙБЕЛЕР ҮЙРЕНИЛДИ
“Халықты дизимге алыў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын ислеп шығыўда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм Европа статистиклери конференциясының халықты дизимге алыўды өткериў бойынша тийкарғы принциплери ҳәм усынысларын тийкар ретинде пайдаланылды. Соның менен бирге, ғәрезсиз мәмлекетлер Дослық Аўқамы, Азия ҳәм Европа мәмлекетлери, атап айтқанда, Россия Федерациясы, Беларуссия, Украина, Азербайжан, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан, Қубла Корея, Индия, Уллы Британия, Франция, Германия, АҚШ, Канада ҳәм басқа мәмлекетлердиң бул тараўдағы тәжирийбелери үйренилип, нызам жойбарын ислеп шығыўда пайдаланылды.
Нызам бес бап ҳәм отыз бир статьядан ибарат болып, онда нызамның мақсети, тийкарғы түсиниклери, халықты дизимге алыўдың ўазыйпалары ҳәм принциплери көрсетип берилген. Тийкарғы принциплерден бири ретинде удайы тәкирарланатуғын принципи, яғный халықты дизимге алыў он жылда кеминде бир рет өткерилиўи ҳәм халықты дизимге алыўды өткериў ҳаққындағы қарар Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилиўи белгилеп қойылған. Халықты дизимге алыў процессинде шахсқа тийисли мағлыўматлар Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын дизимге алыў бетлери тийкарында ҳәр бир респондент ушын жеке тәртипте толтырылады. Яғный, дизимге алыўшы шахслар тәрепинен үйме-үй жүрип, ҳәр бир респондент ушын бөлек толтырылады.
Марат АЎЕЗОВ
Районлық статистика бөлиминиң жетекши қәнигеси