Халықты дизимге алыў ҳәр пуқара ушын зәрүрли
Халықты дизимге алыў мәмлекеттиң социал -демографиялық дүзилиси ҳаққындағы тийкарғы мағлыўмат дәреги рәсмий статистика системасындағы тийкарғы роль атқаратуғын зәрүрли көрсеткиш есапланады. Бунда халық саны бойынша анық ҳәм исенимли мағлыўмат алыў мүмкиншилиги пайда болады. Сол себепли, 2023- жылда мәмлекетимизде дәслепки мәрте халықты дизимге алыў илажларына ҳәзирден салдамлы таярлық көрилмекте.
Бул илаж бизге не береди?
Халық санын дизимге алыў мәмлекетте жасаўшы ҳәммеге тийисли болған демографиалық, экономикалық және социал мағлыўматларды жыйнаў, улыўмаластырыў, баҳалаў, анализ ҳәм жәриялаўдың бирден-бир процеси болып табылады. Ол халық ҳаққындағы мағлыўматлардың тийкарғы дәреги болып, келеси 10 -20 жыллық раўажланыўдың прогноз көрсеткишлерин есаплаў ушын исенимли тийкар жаратады. Халық миграциясы ҳаққындағы мағлыўматлар қәлиплестиреди. Өз гезегинде, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халық бәнтлиги, ҳаяллар ҳәм балалар саламатлығын жақсылаў ҳәм шаңарақларға жәрдем көрсетиў бойынша дәстүрлерди мәнзилли ислеп шығыўда мағлыўмат ретинде пайдаланылады. Халық санын исенимли есаплаў бойынша рәсмий статистика системасында тийкарғы роль ойнайды.
Соны айрықша атап айтыў керек, халықты дизимге алыў менен бирге тағы бир зәрүрли ўазыйпаны орынлаў нәзерде тутылған. Бул - аймақларды карталастырыў, елатлы пунктлериндеги үйлердиң дизимин дүзиў менен байланыслы мәселе.
Атап өтиў керек, бүгинги күнде усы илажға қызғын таярлық жумыслары алып барылмақта. Оларды табыслы орынлаў менен Өзбекстанның ҳәр бир ўәлаяты, қаласы, районынан тартып мәҳәллесиниң көшесине, шет аўыл ҳәм алыс аўылларына шекем байланыслы болған барлық мағлыўматларды өзинде сәўлелендирген бирден-бир информация базасына ийе боламыз. Бул қымбатлы мағлыўматлар болса бизге бүгин, ертең ҳәм жақын келешекте жүдә пайдалы болады.
Марат ӘЎЕЗОВ
Районлық статистика бөлиминиң жетекши қәнигеси