Siyosat ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎ- РАЎАЖЛАНЫЎ НӘТИЙЖЕЛЕРИН БАҲАЛАЙДЫ

ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎ- РАЎАЖЛАНЫЎ НӘТИЙЖЕЛЕРИН БАҲАЛАЙДЫ

0
ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎ- РАЎАЖЛАНЫЎ НӘТИЙЖЕЛЕРИН БАҲАЛАЙДЫ

Мәмлекет пуқаралары ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр қандай мәмлекеттеги миллий статистиканың зәрүрли бөлеги есапланады. Бундай мағлыўматлар арнаўлы бир ўақыт аралығында халықты дизимге алыў илажлары арқалы топланады. Олар тек ғана бир мәмлекеттиӊ емес, бәлким жер жүзи халқының саны, социаллық жағдайы, дәраматлары сыяқлы бир қанша зәрүрли информацияларды есаплап барыўға хызмет етеди.
БМШ дүнья мәмлекетлерине пуқаралар менен жүзеге келетуғын бир қатар социаллық машқалалардың шешими ҳәм  экономикалық пәттиӊ демографиялық көрсеткишлер менен пропорционал түрде өсип барыўын тәмийинлеў ушын ҳәр он жылда кеминде бир мәрте халықты дизимге алыў илажын өткериўди усыныс етеди.
Мәмлекетимизде дәслепки рет 2023-жылы өткерилиўи нәзерде тутылған, халықты дизимге алыў илажына ҳәзирги ўақытта қызғын таярлық көрилмекте. Бул илаждыӊ өткерилиўинен бәршемиз бирдей мәпдармыз. Усы үлкен социаллық илаж арқалы, биринши нәўбетте, жәми халықтың саны (2022-жыл 1-январь жағдайына муўапық, Тахтакөпир районында халық саны 40 мың 604 адамды қураған), пуқаралығы, неке жағдайына бола, яғный, неке рәсмий, рәсмий болмаған неке ямаса ерте неке, пуқаралардыӊ билимлендириў дәрежеси (орта, орта арнаўлы ямаса жоқары), жасаў ушын дәрамат дереклери, үй хожалығының жасаў шараятлары сыяқлы бир қанша көрсеткишлер бойынша бүгинги күнде жеткиликли болмаған мағлыўматлар базасы қәлиплестириледи. Қала, мәҳәлле ҳәм аўыллар саны, олардың шегаралары, турақ жайлар саны, олардағы әмелдеги шәрт-шәраятлар ҳаққындағы мағлыўматларға анықлық киргизиледи.
Мәмлекетимизде бул процесс 2023-жылдың 1-25-ноябрь күнлери өткерилиўи Министрлер Кабинетиниӊ 2020-жыл 11-ноябрьдеги «Өзбекстан Рес-публикасында 2023-жылы халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында”ғы 710-санлы қарары менен тастыйықланды. 
Халықты дизимге алыў, жәмийеттиң өзи ушын зәрүр болған ҳәм раўажланыў нәтийжелерин баҳалаўға ийе болып табылады. Бул илажда қатнасып атырған ҳәр бир пуқара өзи ҳаққындағы мағлыўматларды усыныс ете отырып, өзлери тийисли болған адамлар топарына социаллық бағдарламаларды ислеп шығыўда қатнасады.
Мысал ушын, жумыс-сызлардың сораўнамадағы жуўаплары мийнет базарын үйрениў, атап айтқанда керекли орында жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятын берсе, балалар саны ҳаққындағы мағлыўматлар мектеп, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм сол сыяқлы дәргайлар қурылысы жобаларын дүзиўде қол келеди. Жасы ҳаққындағы мағлыўматлар пенсияға шығыўшылар саны, олардың пенсия төлеўлери ушын зәрүр болатуғын қаржыларды жыйнап барыў имканиятын береди. Мектепке шекемги билимлендириў, улыўма билим бериў мектеплери ямаса жоқары билимлендириўге қабыл етилетуғын жаслар ҳаққындағы мағлыўматлар да тап сондай қәлиплеседи.
Бир сөз бенен айтқанда, халық ҳаққында топланатуғын мағлыўматлар барлық тараўларды раўажландырып, жәҳән майданында жаңа Өзбекстанның ҳәм Қарақалпақстанның жаңаша көз-қарасын сәўлелендириўши фактор болып хызмет етеди.

Д.АСЕНОВ
Районлық статистика бөлиминиң бас қәнийгеси