Siyosat Мəжилис болып өтти

Мəжилис болып өтти

0
Мəжилис болып өтти

Тахтакөпир район ҳəкимлигиниң мəжилислер залында район ҳəкимлиги,  Ишки ислер бөлими, улыўма орта билим бериў мектеплериниң руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасарлары, əмелиятшы психологлары ҳəм басланғыш ҳаял-қызлар шөлкеми баслықлары менен биргеликте мəжилис болып өтти. Мəжилиске район ҳəкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов ҳəм Ишки ислер бөлими баслығы Т. Қдырбаевлар қатнасты. Мəжилисте тараў қəнигелери тəрепинен оқыўшы жаслар арасында жынаятшылық ҳəм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, нәшебентлик, экстремизм сыяқлы кери тəсир етиўши иллетлерди болдырмаў, сондай-ақ улыўма орта билим бериў мектеплериндеги оқыўшылардың күнделикли оқыў процессине қатнасы бойынша өзлеринин пикир ҳəм усынысларын билдирип, бул бағдардағы жумысларды шөлкемлестириўде жəмийетшилик қадағалаўды күшейтиў зəрүр екенлигин атап өтилди.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети