Siyosat Ант бериў мәресими өткерилди.

Ант бериў мәресими өткерилди.

0
Ант бериў мәресими өткерилди.

Райондағы "Дәўқара" стадионында Айрықша жағдайлар басқармасы арнаўлы инженерлик қурылыс басқармасы әскерлериниң ант бериў мәресими болып өтти.

Онда район ҳәкими,  әскерий округ бөлимшелери баслықлары, жәмәәтлик шөлкемлердиң ўәкиллери, әскерлердиң ата-аналары қатнасты.
Илажда район ҳәкими Жамбул Адилов сөз сөйлеп, жыйналғанларды әскерлердиң ана Ўатанымызды қорғаўдай мақтанышлы иске бел байлап, әскерий ант қабыл етиўи менен қызғын қутлықлады.
Илажда сөз етилгениндей, бүгинги күнде миллий армиямыз өзиниң материаллық-техникалық тәрепинен беккемлиги, әскерий хызметкерлердиң таярлығы, раўажланған еллер менен тең дәрежеде. Өз гезегинде, усындай Ўатанда перзентлериниң хызмет етиўин мақтаныш ететуғынын ата-аналар да атап өтти.
Әскерий ант бериў илажы концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети