“Мүлик” АПЖдағы ушырасыў
844
0
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Б.Айтеков “Мүлик” аўыл пуқаралар жыйынындағы сайлаўшылары менен ушырасты.
Ушырасыўда усы жылдың 9-19-март аралығында депутатлар искерлигиниң «Әҳмийетли он күнлиги»н өткериў ҳәм усы он күнлик шеңберинде депутатларға белгиленген ўазыйпалар ҳәм Ҳүрметли Президентимиздиң Пәрман ҳәм қарарларының мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин сондай-ақ, елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша белгилеп берген бир қатар әҳмийетли ўазыйпалары ҳаққында сайлаўшыларға кеңнен түсиник берди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.