Ушырасыў болып өтти
Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында 2022-жылдың 9-19-март аралығында депутатлар искерлигиниң «Әҳмийетли он күнлиги»н өткериў бойынша депутатларға түсиник жумысларын алып барыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы Қурбаниязов Даўытбай Қалбаевич ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Айтеков Батыр Қаниязовичтиң қатнасыўында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң депутатлары ҳәм сиясий партиялардың районлық бөлимлери баслықлары қатнасты.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.