Siyosat Президент «Белтаў»дағы қурылыс жумысларын барып көрди

Президент «Белтаў»дағы қурылыс жумысларын барып көрди

0
Президент «Белтаў»дағы қурылыс  жумысларын барып көрди

Президент Шавкат Мирзиёев Қара-қалпақстанның Тахтакөпир районындағы «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынында болды. 
Бул жерде мыңнан аслам халық жасайды. Район орайынан 40 километр узақта жайласқан аймақтың алдынғы шараяты аўыр еди. «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында қурылыс, оӊлаў жумыслары әмелге асырылғанынан соӊ аўыл көриниси өзгерди.
Пуқаралар жыйыны имараты, мәденият орайы, шыпакерлик пункти, мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми капитал оӊланды. Монша қурылды. Жаңадан суў тармақлары тартылып, ишимлик суў тәмийнаты жақсыланды. Көшелерге қум щебень араласпасы ҳәм қара қаплама төселди. «Оржап» каналында пиядалар көпири қурылды, тротуарлар, салмалар тәртипке келтирилди. 5 километр электр тармақлары жаңаланып, трансформатор орнатылды.
Шавкат Мирзиёев аўылдағы қурылыс жумысларын көрди. Халық пенен ушырасты.
– Соӊғы жылларда Қарақалпақстанға айрықша итибар қаратып, үлкен күш ҳәм ресурсларды жумсағанымыз өз нәтийжесин бермекте. Адамлар жолымыз дурыслығына исенди. Енди жаңа шеклер қойғанбыз. Қарақалпақстанға ҳәмме басшыларды алып келдик. Бундай ислер тарийхта болмаған. Олар қаржысы, жәмәәти менен келип, анық жойбарлар таярламақта. Тахтакөпирдиң де алдынғы абыройын қайта тиклеўимиз зәрүр,- деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы ҳаяллар турмысын жақсылаў мәселесине айрықша тоқтап өтти.
– Журтымызда ҳаяллар көз жасы төгилмейтуғын жәмийет қурыўымыз керек,- деди Шавкат Мирзиёев.
Бул жерде ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилери менен де сәўбетлести. Олар мәҳәллелердеги машқалаларди шешиў, бәнтликти тәмийинлеў бойынша усынысларын билдирди.
Соныӊ менен бир қатарда, Президентимиз сол жерде журналистлер менен де сәўбетлести.