Siyosat Көшпели медициналық көриктен өткерилди

Көшпели медициналық көриктен өткерилди

0
Көшпели медициналық көриктен өткерилди


Алыс аймақларда жасаўшы пуқараларды медициналық көриктен өткериў ҳəм анықланған кеселликлер бойынша өз ўақтында емлеў жумысларын алып барыў мақсетинде 2022-жылдың 11-февраль күни республикалық емлеў профилактика мəкемелериниң қəнийге шыпакерлери «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынында болып, усы аймақта жасаўшы пуқараларды  көшпели медициналық  көриктен өткерди. Медициналық көриктен өткериў барысында кеселлик аныкланған пуқараларға бийпул дəри-дəрмақлар ҳəм протез ортопедия буйымлары берилди.


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети