Siyosat Сынаў тәризинде дизимге алыў илажы әмелге асырылды

Сынаў тәризинде дизимге алыў илажы әмелге асырылды

0
 Сынаў тәризинде  дизимге алыў илажы әмелге асырылды

2021-жылдың 1-25-ноябрь күнлери Өзбекстан Республикасының 4 аймағында, яғный Әндижан ўәлаятының Хожабад районы, Ташкент ўәлаятының Жоқары Шыршық районы, Хорезм ўәлаятының Хийўа қаласында ҳәм Ташкент қаласының Яшнабад районында халықты сынаў тәризинде дизимге алыў илажы әмелге асырылды.
Сынаў тәризинде халықты дизимге алыў илажы төмендегише өткерилди:
 1-5-ноябрь күнлери-интернет тармағы арқалы халық дизимге алынды (5 күн);
 6-10-ноябрь күнлери-интернет тармағы арқалы дизимнен өткен респондентлер ҳәм олардың үй мәнзиллери дизими қәлиплестирилди (5 күн);
 11-22-ноябрь күнлери-халықты дизимге алыў бланкалары тийкарында үйме-үй жүрген ҳалда халық дизимге алынды (12 күн);
 23-25-ноябрь күнлери-ҳәр бир есап участкасындағы турақ-жай мәнзиллериниң 10 процентин таңланба түрде қадағалаў тийкарында үйренилди (3 күн).
Бул сынаў тәризинде халықты дизимге алыў, мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейин халықты дизимге алыў илажлары өткерилмегенин есапқа алып, тийкарғы 2023-жылда өткерилетуғын халықты дизимге алыў  илажына пуқта таярлық көриў мақсетинде әмелге асырылмақта.
Ҳәр қандай мәмлекеттиң тарийхы-бул, биринши нәўбетте, онда жасайтуғын халықтың тарийхы, халқының саны ҳәм қурамы, оның экономикалық ҳәм социаллық характерлеринде өз аңлатпасын табады. Халық саны бойынша анық ҳәм жәмленген мағлыўматлар халықты дизимге алыў илажы тийкарында алынады.
Халықты дизимге алыў жуўмақларына қарап өтмиш ҳәм ҳәзирги дәўир ҳаққында ой-пикирлер жүргизиў ҳәм келешекти болжаў мүмкин болады.
Яғный, халықты дизимге алыў мәм-лекетте жасаўшы барлық адамларға тийисли болған демографиялық ҳәм социал-экономикалық мағлыўматларды жыйнаў, улыў-маластырыў, баҳалаў, анализлеў ҳәм дағаза етиўдиң бирден-бир процессин өз ишине алып, халық ҳаққында мағлыўматлардың тийкарғы дереги есапланады. 
Аймақларды раўажландырыў ҳәм жәмийеттиң социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына жәрдем көрсетиў бойынша сиясий ҳәм басқарыў қарарларын қабыл етиў ушын зәрүр мағлыўматларды алыў имканиятын береди. Бул халықтың санын исенимли есаплаў, сондай-ақ,  анық белгилеп қойылған бирден-бир есапқа алыў дәўиринде халыктың жынысы, жасы, шаңарақ жағдайы, мағлыўматы, жасаў шараяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы ҳәм басқада демографиялық, социал-экономикалық түрлери бойынша жеке тәртипте есапқа алыў ҳәм толық тәрийплеўдиң универсал усылын иске түсирген ҳалда рәсмий статистика системасында тийкарғы роль ойнайды. 
Жоқарыда атап өтилгениндей, бизде жақын 30 жылдан аслам ўақыт даўамында халықты дизимге алыў илажлары әмелге асырылмады. Бул өз гезегинде объектив мағлыўматларды жыйнаў ҳәм социал-экономикалық режелерин анық режелестириў мәселелерине кери тәсир көрсетти. Яғный, қай жерде ҳәм қашан пүткил халықты реал қамтып алатуғын емлеўхана, мектеп қурып питкериў  талапларына сәйкес қәнигеликлер таярлаў сыяқлы социаллық мәселелер артқа тарта баслайды.

Марат АЎЕЗОВ
Районлық  статистика бөлиминиң жетекши қәнигеси