Siyosat Некеден өтиўде медициналық кѳриктиң мақсети ҳəм әҳмийети

Некеден өтиўде медициналық кѳриктиң мақсети ҳəм әҳмийети

0
Некеден өтиўде медициналық кѳриктиң мақсети ҳəм әҳмийети

1998-жылы 1-сентябрьден баслап, ѳз нызамлы күшине кирген Ɵзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 17-статьясында  жас  жубайлардың  некеден  алдын  медициналық кѳриктен ѳтиўи  белгиленген. Бул нызамды орынлаў  мақсетинде  Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003-жылы 25-августь күни 365-санлы қарары  менен «Некелесиўши шахслардың медициналлық кѳрик ҳаққында»ғы нызам қабыл  етилди. Усы нызамға тийкарланып, Ɵзбекстан Республикасында дизимге алынатуғын барлық  некелер ушын некеден бурын медициналық кѳриктен ѳтиўи шәрт.  
  2009-жыл 7-сентябрьдеги «Шаңарақ кодексиниң 17-статьясына ѳзгерис киргизиў  ҳаққында»ғы Ɵзбекстан Республикасы Нызамына тийкарланып,  2009-жыл 7-сентябрьден баслап  50 жастан асқан некеден ѳтиўшилердиң ѳз разылықлары менен медициналық кѳриктен  ѳткериледи. Некелесиўши шахслар некеден ѳтиўден алдын өзлериниң жасаў орнындағы 
5 түрли кеселлик׃ психикалық, наркологиялық, тери кеселликлери, өкпе кеселлиги (туберкулез) ҳəм АИЖС кеселликлери бойынша медициналык кѳриктен ѳтиўи шарт. Медициналық кѳриктен  ѳтиўдиң баслы мақсети - саламат шаңарақ қурыў, туўма майып, кесел балалардың  туўылыўының алдын алыў, ҳалқымыздың генофондын жақсылаў болып есапланады.
 Некеден ѳтиўши шахслар медициналық көриктен ѳзлериниң жасаў орнындағы  ПҲАЖ бѳлиминиң берген жолламасына тийкарланып, бийпул ѳткериледи. Кѳриктен  ѳткен шахсқа белгиленген үлгидеги ѳз алдына медициналық карта жүргизиледи, онда  кѳриктен ѳтип атырған шахстың тастыйықлаўшы ҳүжжетиндеги мағлыўматлар ҳəм  тексериў нəтийжелери  толық  жазылады.
Ɵзбекстан Республикасы пуқаралары менен некеге кириўши шет ел пуқаралары ҳəм пуқаралығы болмаған шахслар ѳзлериниң ўақытша жасаў орнында медициналық кѳриктен ѳтеди. Некени дизимге алыўда ПҲАЖ уйымлары некелесиўши шахслардың  медициналық кѳриктен ѳткенлигине ҳəм олардың усы тексериў нəтийжелеринен  хабардар  екенлигин сорап билиўи керек. Медициналық кѳриктен өткеннен кейин неке дүзилиўге  тосқынлық етиўши жағдай болмағанда ПҲАЖ уйымлары тəрепинен некени дизимге  алыў  белгиленген тəртипте əмелге асырылады. Некелесиўши шахсларды тексериў  нəтийжесинде дәрҳал емлеў курсынан ѳтиўди талап етиўши кеселликлер анықланған  жағдайда, олар белгиленген тəртипте тийисли емлеўханаларға жибериледи. 
Тексерилип атырған шахс жасаў орнындағы емлеў мəслəҳат комиссиясының жуўмағынан разы болмаған жағдайда қайта медициналық кѳрик ўәлаят ҳəм  республикалық емлеўханаларда ѳткериледи.
Некени дизимге алыўшы шахслар медициналық кѳрик нəтийжелериниң сыр  сақланыўы ушын жуўап береди. Медициналық кѳрикти ѳткерген шыпакер нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тəртипте кѳрик нәтийжелериниң дурыслығы ушын жеке жуўап  береди.

Б.Қожағулов -
Тахтакөпир районы ПҲАЖ 
бөлими 1-дәрежели инспекторы