Семинар болып өтти
2021-жылдың 6-декабрь күни район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-ноябрьдеги ПҚ-20-санлы қарарының мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша семинар болып өтти. Семинар кеңеске "Ўздаверлойиҳа" мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институтының "ҚРжержойбар" бөлими директоры, Кадастр палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, 4 сектор баслықлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, аўыл хожалығы тараўына тийисли қәнигелер ҳәмде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары басшылары қатнасты.
Мағлыўмат ушын:
Президент қарары менен районда 2022-2025-жылларда фермер хожалықлары ҳәм кластерлер пайдаланып атырған төмен зүрәәтли пахта ҳәм ғәлледен қысқартылған егислик жерлер есабынан ашық электрон таңлаў арқалы ижара ҳуқықы тийкарында пуқараларға 0,25 гектардан 1 гектарға шекем болған өлшемде, жәми 1127 гектар жер майданларын пуқараларға ажыратып бериў белгиленген.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети