Siyosat "Дәптер"ден шығарылған ҳаял-қызлар ҳәм олардың бүгини

"Дәптер"ден шығарылған ҳаял-қызлар ҳәм олардың бүгини

0
"Дәптер"ден шығарылған ҳаял-қызлар ҳәм олардың бүгини

 

"Ҳаяллар дәптери"нде есапта турған ҳаяллар ҳәм олардың есаптан шығарылыўы қалай әмелге асырылып атыр?! Мине, усы сораў дөгерегинде район ҳәкимиятының киши мәжилислер залында баспа сөз конференциясы болып өтти. Пуқаралар жыйынлары аймақларында дәслепки үйрениўлер бойынша 831 ҳаял-қызлар есапқа алынса, субсидиялар, кредитлер берилип, кәсипке оқытыў бойынша өзин-өзи бәнт етиў арқалы есаптан шығарылыўы нәтийжесинде олардың саны азайып, екинши мәрте 724 ҳаял-қызлар "Дәптер"ге киргизилген. Олар ушын жаратылған имканиятлар ҳәм дизимнен шығарылған ҳаял-қызлардың ҳәзирги жағдайына қызыққан  журналистлер өзлериниң сораўларын берди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети