Siyosat Дөретиўшилик сапарда

Дөретиўшилик сапарда

0
Дөретиўшилик сапарда

 

Орта мектеплерде үгит-нәсиятшы қәнигелиги ашылыўы менен мектеп оқыўшыларын дөретиўшиликке бағдарлаў, қәбилети бар балаларды қоллап-қуўатлаў жумыслары жолға қойылды.
7-санлы орта мектеп оқыўшылары устазы Р.Рсекееваның басшылығында Нөкистеги  И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебине, "Жеткиншек" балалар газетасы редакциясына ҳәм Қарақалпақстан телерадиокомпаниясында дөретиўшилик сапарда болды. Дөретиўши мектепте шайырдың атына шөлкемлескен көргизбени тамашалады, радиоканалда ҳәм газета редакциясында журналистлер менен ушырасып, олардың сәўбетлерин тыңлады. Өзлерин қызықтырып жүрген сораўларын берди. Оқыўшылар ушын дөретиўшилик сапары есте қаларлықтай мазмунлы өтти.

Г.Дәўлетмуратова