Siyosat Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыў ҳаққында

Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыў ҳаққында

0
Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыў ҳаққында

Мәмлекет пуқаралары ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр қандай мәмлекеттеги миллий статистиканың зәрүрли бөлеги есапланады. Бундай мағлыўматлар арнаўлы бир ўақыт аралығында халықты дизимге алыў илажлары арқалы топланады. Олар тек ғана бир мәмлекеттиӊ емес, бәлким жер жүзи халқының саны, социаллық жағдайы, дәраматлары сыяқлы бир қанша зәрүрли информацияларды есаплап барыўға хызмет етеди.
БМШ дүнья мәмлекетлерине пуқаралар менен жүзеге келетуғын бир қатар социаллық машқалалардың шешими ҳәм экономикалық пәттиӊ демографиялық көрсеткишлер менен пропорционал түрде өсип барыўын тәмийинлеў ушын ҳәр он жылда кеминде бир мәрте халықты дизимге алыў илажын өткериўди усыныс етеди. Деген менен, мәмлектимизде ғәрезсизликтен кейин кең көлемде халықты дизимге алыў илажы өткерилмеген. Сол себепли, мәмлекетимизде дәслепки рет 2023-жылда өткерилиўи нәзерде тутылған, халықты дизимге алыў илажына ҳәзирги ўақытта қызғын таярлық көрилмекте. Бул илаждыӊ өткерилиўинен бәршемиз, сиясий қараўларымыз және социал позициямызға қарамастан, бирдей мәпдармыз. Усы үлкен социал илаж арқалы, биринши нәўбетте, жәми халықтың саны (2021-жыл 1-январь жағдайына көре, Қарақалпақстан Республикасында халық саны 1923,8 мың адамды қураған), пуқаралығы, неке жағдайына көре, яғный рәсмий неке, рәсмий болмаған неке ямаса ерте неке, пуқаралардыӊ тәлим дәрежеси (орта, орта арнаўлы ямаса жоқары ), жасаў ушын дәрамат дәреклери, үйсизлер саны, үй хожалығының жасаў шараятлары сыяқлы бир қанша көрсеткишлер бойынша бүгинги күнде жеткиликли болмаған мағлыўматлар базасы қәлиплестириледи. Қала, мәҳәлле, аўыл ҳәм аўыллар саны ҳәм олардың шегаралары, турар жайлар саны, олардағы әмелдеги шәрт-шәраятлар ҳаққындағы мағлыўматларға анықлық киргизиледи.
Неге 10 жылда бир рет?
Ҳәр 6 ямаса 7 жылда өткерилген бундай илажларда халық ҳәм шарўа саны, мийўе-палыз егинлери, азық-аўқат өнимлери муғдары есапқа алынғанлығы ҳаққында тарийхый дәреклерде айырым мағлыўматлар сақланып қалған. Әййемги Египет, Месопотамия, Рим, Китай, Япония, Вавилон ҳәм Греция мәмлекетлеринде болса халықты дизимге алыў илажлары салық төлеўшилер ҳәм әскерий хызметке жарамлы халық санын билиў мақсетинде өткерилген. Соның менен бирге, қалалардағы жерлер ҳәм хожалықлар, өнерментшилик ҳәм саўда-сатық ҳәм де олар менен бирге халықты статистикалық есапқа алыўдың түрли формалары қәлиплескен. Халықты үзликсиз дизимге алыў тарийхы 1790-жылға барып тақалады.
1846-жылда статист алым Адольф Кетлениң (1796 -1874) басшылығында Бельгияда өткерилген сондай илаж биринши анық илимий дизимге алыў деп тән алынған. Оның айрықшалығы сонда, дизимге алыў мүддети бир күнлик болып, расында әмелдеги халық есапқа алынған. Усы тәжирийбеден кейинирек Европаның көплеген мәмлекетлери пайдаланған. 1870-1879-жылларда дүнья бойынша тек 48 мәмлекетте өткерилген халықты дизимге алыў илажы ХХ әсирдиң ақырына келип, дерлик барлық мәмлекетлерде өткерилген. Бүгинги күнде БМШ дүнья мәмлекетлерин ҳәр 10-жылда кеминде бир мәрте өз халқын дизимге алыўға шақырады. Усының себебинен көпшилик мәмлекетлерде бул илаж усыныс етилген ўақыт аралығында бир мәрте шөлкемлестириледи. Ал, неге әйне 10-жылда бир рет?!
Буның бир қанша себеплери бар, әлбетте. Әўеле, бул ўақыт ишинде жәмийетте салмақлы өзгерислер жүз береди. Алдынғы дизимге алыў усыллары натийжелилиги сезилерли дәрежеде азайыўы себепли сораўнамалар мазмунына дүзетиўлер, мағлыўматларды топлаў ҳәм қайта ислеў усылларына заманагөй талаплардан келип шыққан ҳалда өзгертиўлер киргизиў талап етиледи.

Тахтакөпир районлық статистика бөлими