"Жаслар дәптери" ҳәм жаслар
Район ҳәкимлигиниң киши мәжилислер залында районда "Жаслар дәптери"нен шығарылған жаслардың бүгинги турмысына бағышланған "Ашық сәўбет" болып өтти. Сәўбетлесиў барысында белгили болғанындай, дәслеп үйрениўлер нәтийжесинде "Жаслар дәптери"не киргизилген 1425 жастың бүгинги күнде көпшилигине кредитлер, субсидиялар бериў, кәсипке бағдарлаў бойынша арнаўлы оқыў курсларында теориялық ҳәм практикалық тәжирийбе алыўы арқалы жумыс орынларын жарата алған ямаса өзин-өзи бәнт еткен. Бирақ, тилекке қарсы бәри емес. "Дәптер"ден еле шыға алмай жүрген 41 жас бар. Олардың келешеги не болады?! Усы мақсетте "Ашық сәўбет" барысында журналистлер Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими ҳәм Жаслар аўқамы районлық Кеңесиниң басшыларына өз сораўларын берди және өзлериниң пикир-усынысларын да билдирди. Айырым субсидия арқалы өзин-өзи бәнт етип атырған, "дәптер"ден шығарылған жаслар менен сәўбетлести.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети