Күн тәртибине төрт мәселе қойылды
Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң отыз жетинши сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Батыр Айтеков, райондағы сектор басшылары, тийисли район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықлары менен районлық ғалаба хабар қуралы ўәкили қатнасты.
Сессияны район ҳәкими Ж.Адилов алып барды.
Сессияның күн тәртибинде төрт мәселе қаралып: "Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2021-жыл 17-ноябрьдеги “2022-2024-жылларда Қарақалпақстан Республикасының районларында аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳаққында”ғы 03-03/1-2666-санлы жыйналыс баянының Тахтакөпир районы аймағында орынланыўын тәмийинлеў бойынша район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Д.Палуанов, “Жаслар дәптери” бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм де “Жаслар дәптерин”деги жасларға қаржы ажыратыў ҳаққында район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Б.Танирбергенов, “Сақаўат ҳәм көмек” қорының районлық бөлими есабынан қаржы ажыратыў туўралы район ҳәкиминиң орынбасары, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары Е.Бегманов, район аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм ушырасып атырған машқалалар ҳаққында усы бөлимниң баслығы Миясар Алламбергеновалар шығып сөйледи.
Алып барылған жумыслар бойынша баянатшылардың мәлимлемеси тыңланды ҳәм тастыйықлаў ушын депутатларға усынылды.
Көрип шығылған мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети