Siyosat Ҳәким жаслар менен ушырасыў өткерди

Ҳәким жаслар менен ушырасыў өткерди

0
Ҳәким жаслар менен ушырасыў өткерди

 

Бүгин район ҳәкимлигиниң үлкен мәжилислер залында "Ҳәким ҳәм жаслар ушырасыўы" өткерилди.Ушырасыўға сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, бир қатар тараў басшылары ҳәм орынлардағы белсенди жаслар қатнасты.
Ушырасыў басында район ҳәкими Ж.Адилов сөзге шығып, елимизде, соның ишинде районымызда жуўмақланыў алдында турған жылымыздың өткен айлары даўамында жаслар менен ислеў системасында әмелге асырылып атырған ислер, олардың машқалаларын шешиў мақсети жолында орынланып атырған ўазыйпалар, жаратылып атырған имканиятлар, режелер ҳаққында толық тоқтап өтти. Соның менен бирге орын алған кемшиликлер де айтылды.
Ушырасыўда жаслар өзлериниӊ пикир, усыныс ҳәм мүрәжатлары бойынша шығып сөйледи. Оларды жазып алып, әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети