Күн тәртибинде бес мәселе қойылды
Бүгин Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң отыз алтыншы сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңестиң депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли тараў басшылары қатнасты. Сессияны район ҳәкими Ж.Адилов алып барды.
Сессияның күн тәртиби бойынша районда “Ҳаяллар дәптери” бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, Тахтакөпир районы жергиликли бюджетиниң 2021-жылдың ӀӀӀ шерегине белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги ҳәм жумсалыў жөнелислери ҳаққында, районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен 2021-жылдың 10 айы даўамында район аймағында әмелге асырылған жумыслар, районымыз аймағындағы қәбиристанлардың атамаларын тастыйықлаў ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 20-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директоры лаўазымына талабанды келисиў ҳаққындағы, улыўма бес мәселе көрип шығылды.
Алып барылған жумыслар бойынша баянатшылардың мәлимлемеси тыңланды ҳәм тастыйықлаў ушын депутатларға усынылды.
Көрип шығылған мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети