Ата-ананың перзент алдындағы мәжбүрияты
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексинде белгиленген шаңарақ ағзаларының ҳәм басқа шахслардың алимент миннетлемелери Өзбекстан Республикасы Конституциясының 64-статьясына муўапық, ата-аналар өз перзентлерин ер жеткенге шекем бағыӯ ҳәм тәрбиялаӯға миннетли.
Мәмлекет ҳәм жәмийет жетим балалардың ҳәм ата-аналардың қәӯендерлигинен айрылған балалардың сақланыӯын, тәрбияланыӯын ҳәм олардың билим алыӯын тәмийинлейди, олар жөнинде қайырқомлық жумысларын хошаметлейди.
Мәмлекетимизде саламат жас әӯладты камалға келтириӯ барысында алып барылып атырған реформалар әмелдеги нызамшылығымызда өз көринисин тапқан.
1998-жыл 1-сентябрьден әмелге енгизилген Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 5-бөлими «Шаңарақ ағзаларының ҳәм басқа шахслардың алимент миннетлемелери» деп аталған болып, ата-ана ҳәм балалардың алимент ҳуқықы ҳәм миннетлемелери ҳаққындағы қағыйдаларды белгилейди.
Усы белгиленген қағыйдалар ата-аналардың өз перзентлери тәрбиясына ҳәм балалардың тәмийнаты мәселелерине жуӯапкершиликли қатнасықта болыӯды талап етеди.
Атап айтканда, Кодекстиң 96-статьясына муўапық, ата-ана ер жетпеген перзентлерине тәмийнат бериӯи шәрт. Ер жетпеген балаларына тәмийнат бериӯ миннетлемесин өз ерки менен орынламаған ата(ана)дан судтың бийлиги яки суд буйрығына тийкарланып алимент өндириледи. Ер жетпеген балаларға алимент төлеӯ ҳаққында ата-ана ортасында келисим болмағанда яки алимент ықтыярый түрде төленбегенде ҳәм ата-анадан биреӯи де алимент өндириӯ ҳаққында судқа даӯа ямаса арза менен мүрәжат етпеген жағдайларда, қәӯендерлик ҳәм әменгерлик уйымлары, сондай-ақ, он төрт жасқа толған бала ер жетпеген баланың тәмийнаты ушын ата яки анадан нызамда белгиленген муғдарда алимент өндириӯ ҳаққында даӯа қозғатыӯға ҳақылы.
Ата-ана ҳәм бала бөлек-бөлек жасаған жағдайда, қәӯендерлик ҳәм әменгерлик уйымлары, , сондай-ақ, он төрт жасқа толған бала бир ӯақыттың өзинде ата ҳәм анадан ер жетпеген балалардың тәмийнаты ушын алимент өндириӯ ҳаққында даӯа қозғатыӯға ҳақылы.
Сондай-ақ, усы Кодекстиң 97-статьясына муўапық, ер жетпеген балаларына алимент төлеӯ ҳәм оларға тәмийнат бериӯде ата-ананың миннетлемелери тең болып есапланады.
Ер жеткен, мийнетке жарамсыз, жәрдемге мүтәж балаларына тәмийнат бериӯде ата-ананың миннетлемелери тең болып табылады.
Буннан тысқары, Кодекстиң 98 ҳәм 99-статьяларында, ата-ананың ер жетпеген балаларына алимент төлеӯ тәртиби ҳәм төлейтуғын алимент муғдары белгиленген болып, оған бола, ата-ана ер жетпеген балаларына тәмийнат бериӯ ушын алимент төлеӯ тәртибин өз-ара келискен ҳалда белгилеӯге ҳақылы.
Ер жетпеген балаларына алимент төлеӯ тәртиби ҳәм түри ҳаққында ата-ана ортасында келисим нызамда белгиленген қағыйдаларға ҳәм баланың мәплерине қарсы болмаслығы керек ҳәм егер ер жетпеген балаларына тәмийнат бериӯ ҳаққында ата-ана ортасында келисим болмаса, олардың тәмийнаты ушын алимент суд тәрепинен ата-ананың ҳәр айдағы ис ҳақы ҳәм (яки) басқа дәраматының бир бала ушын – төрттен бир бөлеги, еки бала ушын – үштен бир бөлеги, үш ҳәм оннан артық бала ушын – ярымы муғдарында өндириледи. Бул төлемлердиң муғдары тәреплердиң материаллық яки шаңарақлық жағдайын ҳәм басқа итибарға ылайық ҳалатларды есапқа алған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилиӯи яки көбейтирилиӯи мүмкин.
Ҳәр бир бала ушын өндирилетуғын алимент муғдары нызамшылық пенен белгиленген мийнетке ҳақы төлеӯ ең кем муғдарының 26,5 пайызынан кем болмаслығы керек.
Атап өтиӯ лазым, республикамыз шаңарақ нызамшылығында тек ғана ер жетпеген балаларына алимент төлеӯ ҳәм оларға тәмийнат бериӯде ата-ананың миннетлемелери ғана емес, бәлким ата-ананың ер жеткен, мийнетке жарамсыз, жәрдемге мүтәж балаларына тәмийнат бериӯи шәртлиги де белгиленген. Оған муўапық, ер жеткен, мийнетке жарамсыз, жәрдемге мүтәж балаларына тәмийнат бериӯ ата-ананың келисимине көре әмелге асырылады. Ата-ана ортасында бундай келисимге ерисилмеген жағдайда даӯ суд тәртибинде шешиледи.
Ата-ананың ер жеткен, мийнетке жарамсыз, жәрдемге мүтәж балаларына өндирилетуғын алименттиң муғдары суд тәрепинен алимент төлеӯи шәрт болған ата-ананың материаллық яки семьялық жағдайы есапқа алынып, ҳәр айда пул менен төленетуғын қатаң суммада белгиленеди.
Ата-анадан балаларына өндирилетуғын алименттиң муғдарын анықлаӯ тәртиби Кодекстиң 102-статьясында белгиленген болып, ата-анадан балаларға өндирилетуғын алимент муғдары алимент төлеӯшиниң айлық ис ҳақысына яки басқа дәраматына қарата үлеслер есабында яки пул менен төленетуғын қатаң суммада белгилениӯи мүмкин.
Алимент төлеӯи шәрт болған ата-ананың ис ҳақысы ҳәм басқа дәраматы турақлы бир түрде болмай, өзгерип турса ямаса дәраматының бир бөлегин натура түринде алатуғын болса, сондай-ақ дәраматтан үлес түринде алимент өндириӯ имканияты болмаса, ямаса ата-ана рәсмий белгиленген ис ҳақы яки дәраматқа ийе болмаса, ер жетпеген балаларының тәмийнаты ушын төлениӯи лазым болған алимент муғдары ҳәр айда пул менен төленетуғын қатаң суммада белгилениӯи мүмкин.
Ер жетпеген ҳәм ер жеткен мийнетке жарамсыз балалардың материаллық тәмийнат алыӯ ҳуқықын тәмийинлеӯ ҳәм бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодекси нормаларын дурыс ҳәм анық қолланыӯ бойынша бирдей суд әмелиятын енгизиӯ мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2016-жыл 29-июль күнги «Судлар тәрепинен ер жетпеген ҳәм ер жеткен мийнетке жарамсыз балалар тәмийнаты ушын алимент өндириӯге тийисли ислер бойынша нызамшылықты қоллаӯ әмелияты ҳаққында”ғы 11-санлы қарары қабыл етилди.
Пленум қарарында судлардың саламат ҳәм бәркамал әӯлад сыпатында ер жетиӯинде ата-аналар жуӯапкершилигине ҳәм олар өзлериниң ер жетпеген ҳәм ер жеткен, мийнетке жарамсыз, жәрдемге мүтәж балаларын социаллық тәмийинлеӯге мәжбүр екенлигине, усы миннетлемени ықтыярый рәӯиште орынламаған ата (ана)дан алимент тек ғана судтың бийлиги яки суд буйрығы шығарыӯ арқалы өндирилиӯине ҳәм алимент төлеӯ менен байланыслы болған тартысларды өз ӯақтында ҳәм дурыс шешиӯ балалар мәплериниң қорғалыӯының әҳмийетли кепилликлериниң бири есапланатуғынлығын нәзерде тутқан ҳалда, нызамларға сөзсиз бойсыныӯ зәрүрлигине итибар қаратылған.
Әлбетте, әмелиятта ер жетпеген балаларының тәмийнаты ушын алимент өндириӯ ҳаққында суд буйрығын бериӯ ҳаққындағы арза, сондай-ақ ер жетпеген ҳәм ер жеткен, мийнетке жарамсыз, жәрдемге мүтәж балалар тәмийнаты ушын алимент өндириӯ ҳаққында даӯа арза менен мүрәжат еткенде қайсы судқа мүрәжат етиӯ лазымлығы яки арза, даӯа арзалар бергенлик ушын мәмлекетлик бажы өндирилеме-жоқпа деген сораӯлар көп ушырасады.
Пленум қарарында усы сораӯларға анық жуӯаплар берилген.
Атап айтқанда, Пленум қарарының 5- ҳәм 6-бәнтлерине муўапық, алимент өндириӯ бойынша суд буйрығын шығарыӯ ҳаққындағы арза да, даӯа арза да судлаӯға тийислиликтиң улыӯма қағыйдаларына бола, жуӯапкердиң жасаӯ жери бойынша бериледи, сондай-ақ Пуқаралық процессуаллық кодексиниң 34-статьясы 3-бөлимине муӯапық арза бериӯши яки талапкердиң өзи жасап турған жерде де берилиӯи мүмкин.
Ер жетпеген балалар тәмийнаты ушын алимент өндириӯ ҳаққында суд буйрығын бериӯ ҳаққындағы арза, сондай-ақ ер жеткен, мийнетке жарамсыз, жәрдемге мүтәж балалар тәмийнаты ушын алимент өндириӯ ҳаққында даӯа арза бергенлик ушын мәмлекетлик бажы Өзбекстан Республикасы "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Нызамының 8-статьясы 2-бәнти, сондай-ақ ППК 174-статьясы 1-бөлимине муӯапық өндирилмейди.
Сондай-ақ, алимент муғдарын азайтыӯ, алимент төлеӯден азат етиӯ ҳаққындағы даӯа арзалар бойынша Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2009-жыл 24-ноябрьдеги "Пуқаралық ислери бойынша суд қәрежетлерин өндириӯ әмелияты ҳаққында"ғы 14-санлы қарырының 21-бәнтине тийкарланып, алимент өндириӯ ҳаққындағы барлық даӯалардан (бала, ата-ана, ерли-зайып ҳәм басқалардың тәмийнатына) мәмлекетлик бажы 12 ай ушын алимент төлемлери жәми суммасынан, егер алимент өндирилген мүддет 12 айдан аспаса, сол дәӯир ушын алимент төлемлери жәми суммасынан есаплап шығылады.
Төлемлер суммасы қарыздардың кейинги жумыс орнындағы орташа айлық ис ҳақы (дәраматы)нан келип шыққан ҳалда анықланады. Егер қарыздыр сол ӯақытта ислемесе яки оның ис ҳақы ҳәм (яки) дәраматын тастыйықлаӯшы ҳүжжетлер усынылмаған болса, мәмлекетлик бажы нызамшылықта белгиленген мийнетке ҳақы төлеӯдиң ең кем муғдарынан келип шығып есапланады.
Жуӯмақлап айтқанда, инсан ҳуқықлары, соның менен бирге балалар ҳуқықларын қорғаӯ, буның ушын барлық шәрт-шараятлар жаратыӯ мәмлекетимиздиң ең үстин бағдарларының бири болып табылады.
Зульфия Бабаджанова
Қарақалпақстан Республикасы
суды судьясы