Жыйналыс өткерилди
886
0
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының XX жалпы мәжилисинде 18 мәселе, соннан 8 нызам көрип шығылған еди. Жалпы мәжилисте көрип шығылған мәселелерден келип шығып, район ҳәкимиятының мәжилислер залында жыйналыс болып өтти. Жыйналыста Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Б.Айтековтың жалпы мәжилисте көрип шығылған нызамлар, олардағы өзгерислер ҳәм басқа мәселелер бойынша, сондай-ақ усы тийкарда район көлеминде алып барылып атырған ўазыйпалар ҳаққындағы айырым тараў басшыларының баянатлары тыңланды. Тыңлаўшылар өзлериниң пикир-усыныслары менен ортақласты.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети