Нәўбеттеги сессия өткерилди
Бүгин район ҳәкимиятының мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң отыз бесинши сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияда Тахтакөпир суў тәмийнаты филиалы тәрепинен халықтың ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси ҳәм халықтың ишимлик суў бойынша машқалалары және 2020-2023-жылларға мөлшерленген бағдардамалардың орынланыўын Исши топар қурамы тәрепинен үйрениў нәтийжелери ҳаққында, Тахтакөпир районы суды тәрепинен 2021-жылдың 9 айы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў барысында алып барылған илажлар, районлық әдиллик бөлими тәрепинен усы жылдың III шерегинде әмелге асырылған жумыслар, районлық бәнтликке көмеклесиў орайы районда халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде, сондай-ақ, жаңа бос жумыс орынларын жаратыўда әмелге асырып атырған жумыслары ҳәм ушырасып атырған машқалалар, 2021-жылға мөлшерленген бағдарламаның орынланыўы, район аймағында “Ҳаяллар дәптери” бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққындағы бес мәселе көрип шығылды. Тараў басшыларының, сондай-ақ комиссия қурамы баслықларының есаплары тыңланды. Баянатлар додаланды.
Сессияда қаралған мәселелер бойынша қарар қабыл етилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети