Семинар-кеңес келеси жылдың зүрәәтине арналды
Тахтакөпир районы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Сүйин Батыр» фермер хожалығында «2022-жылдың зүрәәти ушын аўыл хожалығы тараўында гүзги ҳәм қысқы мәўсимде әмелге асырылатуғын илажлар бойынша» көргизбели семинар кеңес болып өтти.
Семинар кеңеске Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы Министриниң биринши орынбасары Ш.Тешаев,
Қарақалпақстаң Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Д.Кайповлар, жергиликли ҳәкимлик ҳәм аўыл хожалығына байланыслы барлық мәкеме, хожалықлардан ўәкиллер қатнасты.
Район аймағының улыўма жер майданы 2 млн. 112 мың 218 гектарды қурайды, соннан 32 мың 718 гектар егислик жерлерден ибарат. Районда ҳәрекет етип турған 261 фермер хожалықларына жәми 109 мың 895 гектар жер ажыратып берилген болса, соның 19 мың 769 гектары егислик жер майданлары болып табылады.
Районда 2022-жылдың зүрәәти ушын 3050 гектар аўыл хожалығы егинлеринен босаған майданларды шүдигарлаў режелестирилген. Шүдигарлаў жумысларына 19 дана сүрим тракторлары қатнасады. Шүдигарлаў жумыслары 25-октябрьден 25-ноябрь күнлери арасында 32 күн ишинде жуўмақлаўды реже етип алған.
Район дийқанлары тәрепинен бүгинги күнге дейин 2682 гектар майданға гүзлик бийдай егилди ҳәм егис жумыслары еле даўам етип атыр. Егилген ғәлле майданларының 610 гектар майданы өнип шықты, 659 гектар ғәлле майданы егистен кейин суўғарылды. Техника ремонты жумысларын болса 15-ноябрьге жуўмақламақшы.
3450 гектар майданнан 7890 тонна пахта тапсырыў режеге кирген болса, бүгинги күнге 5876 тонна пахта өними жыйнап алынды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети