Ma'daniyat Ҳәптелик жуўмақланды

Ҳәптелик жуўмақланды

0
Ҳәптелик жуўмақланды

 

"Кекселер хәптелиги" өз жуўмағына жетти, соған байланыслы районлық мәденият орайында өткерилген илажға 17 мәкан, аўыл пуқаралар жыйыны баслықлары менен нураныйлар қатнасты.
Ҳәптелик барысында белсене қатнасқан пуқаралар жыйыны ақсақаллары ҳәм нураныйларға Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими ҳәм Республикалық Нураный қоры тәрепинен естелик саўғалар және миннетдаршылық хатлары тапсырылды. Районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети