Ma'daniyat Жас нәўшелер менен ушырасты

Жас нәўшелер менен ушырасты

0
Жас нәўшелер менен ушырасты

Қыз бала - болажақ шаңарақ бийкеси, миллеттиң анасы. Сонлықтан да оларға дурыс тәрбия бериў, ақыллы, парасатлы етип тәрбиялаў ҳәр биримиздиң парызымыз.
"Кекселер ҳәптелиги" шеңберинде "Нураныйлар-шаңарақлық ажырасыўларға қарсы!" сүрени менен қызларымызды уллы аналарымызға мүнәсип әўладлар етип тәрбиялаў мақсетинде және де 11-октябрь халықаралық қызлар күни алдынан 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде "Қызыма айтар ақылым" атамасында ушырасыў кешеси өткерилди. Оған нураный аналарымыз мирәт етилди.Дәслеп қатнасыўшылар қызлар тәрбиясы бойынша таярланған видеороликлерди тамаша етти. Буннан соң аналарымыз өзлериниң турмысындағы басып өткен өмир жолларын қызларымызға айтып берди. Оларды ийбелиликке, үлкенге ҳүрмет, кишиге иззет көрсетиўге шақырды.Сондай-ақ, ПҲАЖ бөлиминиң инспекторы С.Бахтыберлиева да шаңарақлық ажырасыўлардың баслы себеплери бойынша өзиниң пикири менен ортақласты.

Оқыўшы қызлар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Буннан соң аналарымыз қызларымыздың қол мийнетлеринен шөлкемлестирилген көргизбе менен танысты.

Әлбетте, бул мазмундағы ушырасыўлардың қызлар тәрбиясында әҳмийети үлкен деп ойлаймыз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети