Аналар жарысқа түсти
Жасы үлкен аналарымыз - ҳәр бир шаңарақтың уйытқысы ҳәм берекети. Оларды қанша ардақласақ та көплик етпейди. Бүгин орынлардан усындай ҳүрмет-иззеттеги аналарымыздың айырымлары таңлаў қатнасыўшылары болды.
Районлық мәденият орайы залында Өзбекстан "Адалат" социал-демократиялық партиясы, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, Нураный жәмәәтшилик кеңеси менен биргеликте "Әдалатлы қәйин ене" атамасындағы көрик таңлаўының районлық басқышын өткерди. Таңлаў жуўмағында "Айдын жол" МПЖ аймағынан қатнасқан Ж.Махаматдинова биринши орынды, Тахтакөпир ППЖ аймағынан Х.Артиқова екинши орынды, "Дәўир" МПЖ аймағынан З. Жақсымуратовалар сыйлы үшинши орынларды жеңип алды ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳүрмет жарлықлары, саўғалар менен хошаметленди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети