Ma'daniyat "Қараой"да байрам илажлары

"Қараой"да байрам илажлары

0
"Қараой"да байрам илажлары

"Қараой" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында  мәденият бөлимине қараслы "Мийрас" фольклор-этнографиялық халық жәмәәти ағзалары тәрепинен "Миллий мәдениятымыз ғәзийнеси" атамасында әдебий саз-сәўбетли концерт бағдарламасы өткерилди.

Онда усы аймақта жасаўшы нураний ата-әжелеримиз сөзге шығып, байрам алды кеўилли кешелер шөлкемлестирип атырған жәмәәтке алғысларын билдирди, жас бақсыларды қоллап-қуўатлап, оларға табыслар тиледи.

 Тахтакɵпир районлық мәденият бɵлими тәрепинен ҳәр ҳәптениң жума ҳәм шемби күнлери район шеңбериндеги концерт бағдарламалары даўам етеди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети