Белтаўда да жаслар фестивалы
Райондағы Белтаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Жаӊа Өзбекстан жаслары бирлесейик!» ураны менен жаслар фестивалы болып өтти. Район аймағынан 35 километр қашықлықта жайласқан Белтаўда фестиваль қатнасыўшылары жыйын аймағындағы пайызлы орынларды тамашалады.
Фестиваль алды кеўилли сейиллер өткерилди. Жас талант ийелери йошлы намаларда қосықлар, аяқ ойынлар атқарды. Қатнасыўшылар бир пайытта Нөкис қаласында өткерилип атырған жаслар фестивалы менен де монитор арқалы танысып отырды.
Белтаў аўылы аймағында Ўатан алдындағы миннетин өтеп атырған әскерлер ушын да бул күн умытылмас байрамға айланды. Жаслар биригип ойынға түсти, дослық, аўызбиршилик ҳәм миллетлер татыўлығы оларды бирлестирди. Фестиваль дослық салютлары менен жуўмақланды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети