Fan va ta'lim ЖАСЛАРҒА ИМТИХАН ҚӘРЕЖЕТЛЕРИ ҚАПЛАП БЕРИЛЕДИ

ЖАСЛАРҒА ИМТИХАН ҚӘРЕЖЕТЛЕРИ ҚАПЛАП БЕРИЛЕДИ

0
ЖАСЛАРҒА ИМТИХАН ҚӘРЕЖЕТЛЕРИ ҚАПЛАП БЕРИЛЕДИ

 

2021-жыл 13-апрель күни “Халқаралық имтиҳан системалары бойынша жоқары балл (дәреже) топлаған жасларға имтихан тапсырыў қәрежетлерин толық қаплап бериў тәртибин белгилеў ҳаққында”ғы Министрлер Кабинетиниӊ 209-санлы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, Халқаралық имтихан системалары бойынша жоқары балл (дәреже) алған жасларға имтихан тапсырыў кәрежетлерин толық қаплап бериўдиӊ ҳәкимшилик регламенти ҳәм имтихан тапсырыў қәрежети компенсация етилетуғын халқаралық имтиҳан системалары дизими тастыйыкланды.
I. Қарар менен төмендегилер белгиленген:
Жаслар ислери агентлиги тәрепинен 18 түрдеги халқаралық имтихан системасы бойынша жоқары балл алған жасларға имтихан тапсырыў қәрежетлерин толық қаплап бериледи, бунда:
Қарар күшке кирген ўақыттан баслап 5 түрдеги IELTS, TOEFL, GRE, GMAT, SAT имтиханларынан жоқары балл алғанларға 2021-жыл 1-майдан баслап;
2022-жыл 1-январдан баслап қалған 13 түрдеги француз, немис, испан, италян, рус, араб, түрк, корейс, қытай уқсаған сырт еллер тиллери бойынша имтихан тапсырыў қәрежетлерин толық қаплап бериледи.
Имтихан тапсырыў қәрежетлерин толық қаплап бериў бойынша мүрәжатлар Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәмде Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы әмелге асырылады. Бунда мәмлекетлик хызметин көрсетиў электрон формада төлемсиз әмелге асырылады;
II. Компенсация төлеп бериў төмендеги тәртипте әмелге асырылыўы белгиленген:
1) Халқаралық имтиханларда жоқары балл алған жаслар имтихан қәрежетлерин қаплап бериў ушын сертификат алғанынан 180 күн ишинде қәлеген район (қала) Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы көрсетилген сораўнаманы электрон формада толтырады ҳәм имтихан тапсырыў қәрежети төленгенлигин тастыйықлаўшы төлеў квитанция ҳәмде арнаўлы сертификатты қосымша етип жибереди.
Мүрәжат етиў процессинде арза бериўши компенсацияны алыў ушын өзи ушын қолай аймақтағы Халық банки филиалын таӊлайды.
Мүрәжат арза бериўши тәрепинен тастыйықланғаннан соӊ 10 минут даўамында, портал арқалы мүрәжат еткенде автоматик түрде Жаслар ислери агентлигине электрон формада жибериледи.
2) Жаслар ислери агентлиги арза бериўшиниӊ мүрәжаты келип түскен ўақыттан баслап 15 календарь күн даўамында арнаўлы сертификатты тексериўден өткизеди ҳәм арза бериўшилердиӊ электрон реестрин қәлиплестиреди, усы электрон реестрди ҳәм оған муўапық компенсация қәрежетлерин Өзбекстан Республикасы акционерлик коммерциялық “Халық банки”ниӊ есап бетине түсиреди ҳәм хызмет нәтийжеси бойынша арза бериўшиге СМС хабар жибереди.
3) Халық банки филиалы арза бериўшиниӊ компенсация пулын алыўға болған ҳуқықты тастыйықлаған ҳалда усы компенсация нақ яки нақсыз формада төлеўди әмелге асырады.
Алдын имтиханлардыӊ бир түри бойынша имтихан тапсырыў қәрежети компенсациясын алған арза бериўшиге имтиханлардыӊ усы түри бойынша тәкирарый тапсырылған имтихан қәрежетлери қапланбайды.
Алдын имтиханлардыӊ бир түри бойынша имтиҳан тапсырыў қәрежети компенсациясын алган арза бериўши имтиханлардыӊ басқа түри бойынша минимал көрсеткиш яки оннан жоқары нәтийже көрсетсе, оған Регламент талапларына муўапық компенсация төлеп бериледи.
Он алты жасқа толмаған пуқаралардыӊ имтихан тапсырыў қәрежетин компенсация етиўди сорап усы пуқаралардыӊ нызамлы ўәкиллери мүрәжат етиўи мүмкин.
Бунда компенсация усы Регламент талапларына муўапық он алты жасқа толмаған пуқаралардыӊ нызамлы ўәкиллерине төлеп бериледи.

П.Реймкулов
Тахтакөпир районы Мәмлекетлик
хызметлер орайы директоры