Ma'daniyat Ҳеш ким, ҳеш қашан умытылмайды

Ҳеш ким, ҳеш қашан умытылмайды

0
Ҳеш ким, ҳеш қашан умытылмайды

Усындай уран менен Қоңыраткөл аўылындағы 18-санлы мектептиң жасларды шақырыққа шекемги баслаўыш таярлаў пәни оқытыўшысы Алым Тилеўбаев шәкиртлери менен биргеликте 9-май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан илажлар шөлкемлестирди. Екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары болған марҳум аўылласларын еслеп, сахналық көринислер шөлкемлестирди. Елимиздиң биринши Президенти И.Каримовтың мийнетлерин еске түсирип, оқыўшылар оның ҳүрметине гүллер қойды. Аўылдағы теберик инсан, урыс арты балалығы қыйыншылық дәўирде өткен нураный Оразбай ата Ниязовтың шаңарағында болып, сәўбетлесиўге еристи. Аўыл мектебиниң талапшаң жаслары жақында Нөкис қаласында өткерилген әскерий таярлық бойынша "Жас шегарашылар" таңлаўында төртинши орынды ийеледи.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети