Fan va ta'lim УСТАЗЛЫҚ ЖОЛЫ ҲӘММЕГЕ ӨРНЕК

УСТАЗЛЫҚ ЖОЛЫ ҲӘММЕГЕ ӨРНЕК

22
УСТАЗЛЫҚ ЖОЛЫ ҲӘММЕГЕ ӨРНЕК

Билимлендириў тараўы хызметкерлерине жол-жоба көрсетип, жас педагогларға устазлық етип киятырған ҳүрметли устаз, Өзбекстан халық билимлендириў ағласы, билимлендириў тараўының нағыз пидайысы, 10-санлы мектеп директоры Қатшахан Баймурзаева пидайылықты, жанкүйерликти, инсаныйлықты өмирдиң уранына айландырған. Елимизде тәлим-тәрбия системасына қаратылып атырған жоқары итибар, илим ҳәм техника, инновациялық коммуникация технологияларын енгизиў арқалы билим  сапасын  ҳәр тәреплеме  жаңа басқышларға көтериў имканиятларын берди.  
Балалығы Тахтакөпирдиң кең жазықларында өткен Қатшахан апа мектепти айрықша баҳаларға тамамлады. Муғаллим болыў әрманы оны  Нөкис мәмлекетлик университетине қарай жетеледи. 1987-жылы жоқары оқыў орнын табыслы тамамлап, 37 жылдан бери билимлендириў системасында нәтийжели мийнет етип келмекте. Ол өз жумысын райондағы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде муғаллим болып ислеўден баслаған болса, соннан соң тәрбия ислери бойынша директор орынбасары, оқыў ислери бойынша директор орынбасары ўазыйпаларында өз искерлигин көрсетти. Излениў ҳәм тынымсыз мийнети арқасында табылған ҳүрмет ҳәм иззет бул инсанның абыройын таўдай көтерди. Қатшахан Баймурзаеваның қаттықоллығы, жумысқа  жуўапкершилик пенен қараўы билимлендириў сис-темасында енгизилген  жаңалықларды жеткериўи менен көпшиликтиң итибарына түсип, ҳүрметке бөленип келмекте. Устаздың  мийнети  ел-халық арасында мақтанышқа ийе. Райондағы  мектеп-лерде тәбийий пәнлердиң үлгили оқытылыўының жолға қойылыўы, пән олимпиада, дәстүрий август кеңеслери, семинар ҳәм көрик таңлаўларды шөлкемлестириўде Қ.Баймурзаеваның инициа-тивасынан бөлек МБС ҳәм оқыў бағдарламалары  тийкарында оқыўшылардың билим дәрежеси,  аралық қадағалаў, олимпиада нәтийжелерин үйренип, анализ етиў, анықланған бослықларды  толтырыў майданынан  таярланған   методикалық  усыныслары  бизлер ушын үлкен сабақ болып келмекте.
Билимлендириў тараўы белсендиси Қ.Баймурзаева тек ғана кәсиплик искерлиги менен ғана емес, бәлки инсаныйлық пазыйлетлери менен көпшиликке өрнек болып киятырған әжайып инсан. Өзиниң кишпейиллилиги менен, ибратлы жолы  менен шәкиртлерге өрнек  көрсетип киятырған  қәдирдан устаз. Соның менен бирге перзентлери, келинлери де  устазлык кәсибин ҳүрметлеп,  ана жолынан киятырған екен, олар ушын  да қәдирли ана.
 Бир сөз бенен айтқанда аты затына сай дегендей, билимли, ҳәр биримиздиң кеўлимизге қарайтуғын, жаслардың тәрбиясы менен шуғылланыўда белсенди болыў сыяқлы ийгиликли ислердиң басында турыўшы  Қатшахан Баймурзаевадай инсанлардың арамызда көплеп табылыўы ушын устаздың ағла пазыйлетлеринен өрнек алсақ арзыйды.

Лиза ТИЛЕЎОВА
3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры