Ma'daniyat Байрамларға бағышланды

Байрамларға бағышланды

44
Байрамларға бағышланды

Конституция-әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый негизи, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып хызмет етеди.
Бүгинги күнде елимизде барлық тараўларда ерисилип атырған жетискенлик-леримиз де Конституциямызда беккемленип қойылған қағыйда ҳәм принциплер менен тығыз байланыслы. 
Халқымыз 9-апрель-Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик нышаны болған герби қабыл етилген күниниң 30 жыллығын   үлкен байрамлардың бири сыпатында белгиледи. Район орайындағы мәденият бөлими  залында усы сәнелерге бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.
Жыйналыста шығып сөйлеген район ҳәкими     Жамбул Адилов ҳәм басқалар  Конституция-мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ең жоқарғы юридикалық күшке ийе екенин мысаллар менен атап өтти.


Ҳақыйқатында да, Конституция мәмлекеттиң ерк-ықрарын көрсетиўши, мәмлекет дүзилиси ҳәм басқарыў формасы тийкарларын белгилеўши, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши, ҳәкимият уйымлары хызметин шөлкемлестириў тәртиби ҳәм принциплерин белгилеўши тийкарғы нызам. Конституцияның айрықша әҳмийетке ийе тәрепи-оның мазмун-мәниси ҳәм ҳуқықый күши толығы менен ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетти қурыў­ға, және булардың бәрин инсан мәплерине хызмет етиўге бағдарлайды.
Салтанатлы жыйналыс соңында районлық мәденият бөлими талантлыларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Гүлнара Дәўлетмуратова