Fan va ta'lim ЖАӉА КОНСТИТУЦИЯДА ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ТИЙКАРҒЫ, ПРИНЦИПИАЛЛЫҚ ЖАӉАЛЫҚЛАР

ЖАӉА КОНСТИТУЦИЯДА ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ТИЙКАРҒЫ, ПРИНЦИПИАЛЛЫҚ ЖАӉАЛЫҚЛАР

4
ЖАӉА КОНСТИТУЦИЯДА ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫНА  БАЙЛАНЫСЛЫ ТИЙКАРҒЫ, ПРИНЦИПИАЛЛЫҚ ЖАӉАЛЫҚЛАР

Өзбекстан-ҳуқықый мәмлекет деп белгиленбекте.

1. Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў- мәмлекеттиң ең тийкарғы мақсети болып табылады. Инсан ҳуқықларына тийисли нормалар 3 есеге көбейген.

2. Инсанның     ҳуқық    ҳәм еркинликлери нызамларымыздың, ҳәр бир министрлик ҳәм мекеме жумысының мазмунына айланыўы қатаң талап етип белгиленбекте.

3. Нызамлардағы анықсызлықлар инсан пайдасына шешилиўи шәрт ҳәм зәрүр.

4. Өзбекстан Республикасында инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына  ҳәм  усы Конституцияға муўапық болыўы, кепиллениўи белгиленип атыр.

5. Мәмлекетлик уйымлар тәрепинен инсанға қарата қолланылатуғын ҳуқықый тәсир шаралары сәйкеслик принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутылған мақсетлерге ерисиў ушын жетерли болыўы кереклиги беккемленбекте. 

6. Нызамшылықта белгиленбеген миннет ҳеш кимниң мойнына оның разылығысыз жүклениўи мүмкин емеслиги көрсетилмекте.

7. Сондай-ақ, Конституциямызда:

- өлим жазасы қадаған етилиўи Конституция дәрежесинде белгиленбекте;

- шахсты судтың қарарысыз 48 сааттан артық мүддетте услап турыў мүмкин емеслиги;

- адамлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин шеклеў менен байланыслы барлық ҳәрекетлерге, тек ғана ҳәм тек суд қарары тийкарында жол қойылыўы беккемленбекте.

Яғный, әдил судлаўды әмелге асырыўда “Хабеас корпус” институты және де кеңейттирилди;

- биринши мәрте айыпланыўшы ҳәм судланыўшыларға өзине қарсы көрсетпе бермеў, яғный “үнсизлик” ҳуқықы берилмекте;

- Ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық қураллар менен қорғаўға ҳақылы екенлиги;

- Ҳәр ким Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халықаралық шәртнамаларына муўапық инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўшы халықаралық уйымларға, егер мәмлекеттиң ҳуқықый қорғаўға тийисли барлық бар болған ишки қуралларынан пайдаланған болса, мүрәжат етиў ҳуқықы беккемленбекте;

- Ҳәр ким мәмлекет уйымларының ямаса олар лаўазымлы шахслардың нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги себепли келтирилген зыянның орны мәмлекет тәрепинен қапланыўы ҳуқықына ийе екенлиги;

- Шахсты услаў ўақтында оған түсиникли тилде өз ҳуқықлары ҳәм услап турыў тийкарлары түсиндирилиўи керек екенлиги;

- Айыплылығына байланыслы барлық гүманлар, егер оларды сапластырыў мүмкиншиликлери таўсылған болса, гүман етилиўиниң, айыпланыўшының, судланыўшының ямаса  еркинен айырыў жазасын өтеп атырған пайдасына шешилиўи керек екенлиги белгиленбекте;

- Гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлийллеп бериўи шәрт емеслиги;

- Ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўалық етиўге мәжбүр емес екенлиги белгиленбекте;

- Егер шахстың өз айыбын тән алғанлығы оған қарсы бирден-бир дәлийл болса, ол айыпкер деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емес екенлиги кепилленбекте;

- Шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанлары ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы мүмкин емес екенлиги беккемленбекте.

Биз Жаңа Өзбекстан ҳәм Жаңа Қарақалпақстанды биргеликте қурамыз.

Қарақалпақстан халқы көтерген барлық усыныслар усы Конституция жойбарында ҳәр тәреплеме инабатқа алынды.

Аймақтың өзине тән этникалық, мәдений өзгешеликлери, миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятлары, айрықша ҳуқықый статусын итибарға алып, жаңаланып атырған Конституцияда Қарақалпақстанның мәмлекетлик дүзилиси ҳәм сиясий системасы менен байланыслы бирде-бир статья өзгермеди.

Соның менен бирге, Конституцияның барлық текс-ти жаңаланып атырғанлығын инабатқа алып, тек ғана статьялардың тәртип номери өзгерген. Алдыңғы 70-75-статьялар жойбарда тийислисинше 85-90-статьялар сыпатында келтирилмекте. Себеби, Конституцияның статьялары 27 ге көбейип, 155 ти қурамақта.

Аралбойы мәселеси Конституция дәрежесине алып шығылды.

Мәмлекет Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм тиклеў,  регионды социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша илажлар көреди.

 

Д. СРАЖАТДИНОВ

Жынаят ислери бойынша районлық суды баслығы