Ma'daniyat КҮНДЕЛИККЕ ТҮСПЕГЕН МӘЎРИТЛЕР

КҮНДЕЛИККЕ ТҮСПЕГЕН МӘЎРИТЛЕР

38
КҮНДЕЛИККЕ ТҮСПЕГЕН МӘЎРИТЛЕР

10-февраль, 1948-жыл.
Тахтакөпирдиң Тельман колхозының Тельман бөлиминде жасаўшы Муса баслықтың шаңарағында қыз бала дүньяға келди. Жақсы нийетлер менен қызалаққа Бийбимарям деп исм қойылды. Марям- Алла қәдирлеген, сүйген қыз яки намыслы, пәк қыз. Иса пайғамбардың анасының исми. Қызалақты үй иши Марям деп емес, еркелетип Марияш деп атады. Сол еркелеткен ат пенен ол халыққа азан айтып қойылған аты Бийбимарям болып емес, Марияш болып танылды.
Әкеси колхоз баслығы, анасы әпиўайы пиллекеш болған бул шаңарақта изли-изи-нен тоғыз қыз, бир ул бала дүньяға келди. Марияштың ер минезлиги оны даланың жумысларына бейим етип қойды. Отын шабыў, жүўери орыў, ешек пенен айдаў, оны атыў буның жумыслары еди, себеби әкеси дүздиң адамы, басқа ер бала жоқ.  Өзинен кейинги сиңлиси Улзада үйдиң ишки жумысларын атқарады. Шаңарақтан бос ўақытлары көп пенен бирге атыз жумысларына шығады, ғаўашаны отаў, бирлеў, гүзде пахта терими басланады. Төрт жыллық аўыл мектебинен соң қалаға қатнап, 11 жыллық Ленин мектебин питкериў менен жуўмақлады.
Мектеп питкерген аўыл қызының әрманлары көп еди. Бәринен бурын ақ халат кийген шыпакерлерге ҳәўес етиўи, оның келешекке болған талпынысын және де ҳәўиж алдырды. «Муғаллимшиликте оқы»,-дейди әкеси, шыпакерлик аңсат оқыў да, аңсат кәсип те емес. Әкесин де түсиниўге болады, қыз баланың жолы жиңишке, ертең хожалық болары бар, жети жыл оқып қыйналып қалмаўын ойлап тур. Қызы болса әкесиниң қантлы диабеттен азап шегип жүргенин, мойнындағы жарасы не ушын жазылмайтуғынын уўайымлайды. Шыпакер болсам көплеген аўырыўларға жәрдемим тийер еди, әкемдей болып қанша қыйналып жүргенлер бар, деген қыяллар ойынан кетер емес. Ең тийкарғысы Марияш қыз өзине исенеди. Айланып келгенде узақ ойласықтан соң перзентиниң айтқаны болып, 1966-жылы Ташкент Медицина институтының емлеў иси факультетине ҳүжжет тапсырды.
Биринши химия пәнинен имтихан басланды. Орысшаны жақсы билмейтуғын қызға орыс ҳаял имтихан алыўшы болды. Көп саўаллардан соң органикалық химиядан көп реакцияларды жазып, теңлемесин теңлестириўди сорады. Алты бетлик реакцияларын шығарып бергеннен соң  жанындағы Азимова деген имтихан алыўшыға сиз де саўаллар бериң, деди.  Олар екеўлеп сабылланыў реакциясы, фенолланыў реакциясы ҳәм органикалық химиядан көп саўалларға жуўап алып, оқытқан муғаллимин сорап, рухсат берди. Имтихан алыўшылардың жүзинде аўыл қызының билимине болған қанаатланыўшылық бес баҳасын алыўына себеп болды. Қалған имтиханларды да кеўилдегидей тапсырып, студентлик бахтына ерисип, қустай ушын жаңалығын бөлисиўге асығып аўылға қайтты. Аўылында химиядан оқытқан устазы Жалдыбай Хидуанов буннан да қуўанышлы болып күтип отыр екен. Кейин билсе Медицина институты администрациясынан устаздың атына оқыўшысына жоқары дәрежеде билим бергени ушын «Алғыс хат»ы шәкиртинен бурын жетип келипти...
Қыйыншылығы менен қызығы қосылып жүретуғын студентлик дәўирди жақсы баҳалар менен жуўмақлап, туўылған жерге қайтқанда ол шыпакер хирург Канияз Айтековтың өмирлик жолдасы ҳәм Батыр атлы кишкене  улдың анасы да еди. Әкеси уўайымлағанындай хожалық пенен кәсиптиң ғалма-ғалы енди басланды.
Бас шыпакер Турдымурат Өтемуратов райондағы емлеўхананың туўыў үйине өз қәнигелиги бойынша акушер-гинеколог етип жумысқа қабыллады. Туўыў үйи бөлими бас шыпакери Алмагүл Усақова менен биргеликте жаңа жумыс баслаған па-йытларында өмирлик жолдасын жоллама менен Қазақстанның Қарағанды (ҳәзирги Жезқазған) ўәлаятында жайласқан Приозерский қаласына әскерий госпитальға жумысқа жибереди ҳәм қос арыс бирге атланады. Өзге жер, өзге журт, өзге халық, бәри орысласып кеткен. Солай етип, жас шыпакерге тәжирийбе арттырыў, орыс тилин және де терең меңгериў мүмкиншилиги туўылды.
Аўылға қайтқаннан соңғы өмири дерлик сол туўыў үйинде өткен қаҳарманымыз жигирма жылдан аслам ўақыт туўыў үйин басқарды, жумыс пенен қоса емлеўхана партия комитети хаткери, он еки жыл ҳаял-қызлар кеңесин басқарды. Он еки мәртебе Халық депутатлары районлық Кеңестиң депутаты болып,  жуўапкершиликли ўазыйпаларды да қоса алып жүрди. Оннан қалса шаңарақтағы Батыр, Азат, Абат, Гүланда атлы төрт перзентке аналық етиў ўазыйпасы, өмирлик жолдастың күтими-булардың бәри бир ҳаял ушын аз жумыс емес. Инсан алға мақсет қойып талпынса, күш-жигери тасып жуўыра береди, жуўыра береди. Бирақ ўақыт өтип, артыңа айланып, өзиңе есап берген ўақытта сол өтмишиңнен қорқып та кетесең, мен қалай үлгердим екен, деген саўаллардың туўылыўы тәбийий. Әсиресе бул биз ҳаял-қызлардың турмысында гезлеседи. Үйдиң таўсылмайтуғын машқаласы, бала тәрбиясы, қоңсы-қобаның кеўлин таўып, той-мерекесин атқарысыў-аўыл ҳаялының пешанасына мөрленген ўазыйпалар. Марияш апаның өмиринде оған қоса аналар менен балалардың өмири ушын айқасқан  неше-неше уйқысыз түнлери (инсанның саламатлығын урлайтуғын себеплердиң бири усы уйқысызлық) бар. Шарўалардың ҳаяллары толғатып, қыстың суўықларында ай далада қыслаўларын таба алмай әўере-сарсаң болып жүргенлерин көп еслейди. Бирақ аналарды да, балаларын да аман алып қалғаннан соң көп жеңилленемиз, таң азаннан қара үйди айланып толып кеткен шарўа халқын көрип, кешке дейин медициналық көриктен өткерип, түн жарпында және изимизге қайтамыз, деп еслейди ол. Ҳәттеки бир сапары жолымызды таўалмай қалып, тоқтап, таңды күтиўимизге туўра келди. Таң саз бергенде қарасақ, бизди мәмелек айландырғандай бир жерди айланып жүре берген екенбиз, дейди.
Марияш апаның искерлиги, талапшаңлығы себепли оған районлық партия Кеңесиниң үшинши хаткери (ҳәзирги ҳаял-қызлар комитети), районлық медицина бирлеспесиниң бас шыпакери ўазыйпаларына усынылады. Бирақ, бул ўазыйпаларға кетиўине аналардың өмирин қутқарып, операция ислейтуғын жалғыз акушер-гинекологты кәсиплеслери де, шаңарақтағы балалардың еле жаслығы да жол қоймады. Кәсиплеслери Ҳүрзада Сейтназарова менен Галя Жанхожаевалар бизге керек қәнигемизди қозғамаңлар деп өтиниш хатларын жән-жаққа жоллады. Тоқсаныншы жылларға келип медицина институтының питкериўшилери Перигүл Айымбетова, Азат Казаков, Шарап Өмирбаев,  Венера Оразалиева, Гүлистан  Сәрсенбаевалар менен туўыў үйиниң қәнигелери толысты.

Венера Уразалиева (Ташкент)
Марияш ападан үйренгенлерим көп. Медицина институтын питкерип келгенимде теориям күшли болған менен практикам кемис еди. Көзиңше ҳеш мақтамас, бирақ «Жатырды Венерадай ықшам етип тигиңлер», «Картаны Венерадай етип толтырыңлар» деген сөзлериниң өзи мен ушын мотивация болды. «Бес минутлық»ларда туўыў үйиниң үстинен гүзе сына қойса Марияш апа туўыў үйи бөлиминиң қызларын  қызыл кегирдек болып турып қорғайтуғын еди. Ол жағынан ҳақыйқый арқа сүйер басшы болды. Туўыў үйиниң қорғаны болды, Марияш апа. Кемшилик ислеген адамға қатты ескертиў жасайды, бирақ кек сақлап отырмайды. Мен елеге дейин Ташкентте бирге ислесип атырған кәсиплеслериме Марияш апа ҳаққында мақтанышлы түрде айтып жүремен, басшы болса сондай болсын, деп. Марияш ападай жаны пидә кәсип ийелери аз ушырасады.
Оған ҳайран қалатуғыным, түнниң қай ўақты болса да таяр туратуғын еди. Бир өмир ҳаяллар деп жасады. Сол мийнетлериниң рәҳәтин көрип, узақ өмир сүргей устазым. Биз  Перигүл, Азат, Шарап ағалар бәримиз устазымыздың алдына жас, тәжирийбесиз түрде бардық, бизлер ушын ҳақыйқый тәжирийбе мектеби болды деп айта аламан.
 

Азат Казаков:
90-жыллары Шарап Өмирбаев пенен Ташкенттеги медицина институтын питкерип келген жылларым кешегидей есимде. Еле жас кадрлар емеспизбе, бизге жол көрсетиўши тәжирийбели акушер-гинекологлар керек еди. Марияш ападан үйренгенлеримиз көп болды. Оның талапшаңлығы, қаттықоллығы, өзине исенген тәжирийбеси бизлерди де «писирип» барды. Бүгинги күнде апамыздан соң скальпельди қолға алып, нәрестелердиң дүньяға аман саў келиўинде сол өзимиз мийнет жолымызды баслаған туўыў үйинде жумысымызды даўам етип атырмыз. Устазымыздан үйренгенлеримиз көп, алған тәжирийбелеримиз өзлеримизди де устазлық дәрежесине жеткерип атыр. Ағын суўдай ўақыт арадан отыз жылдан аслам мәўритлерди изге таслапты. Буны өмир дейди, сол өмирде устазым Бийбимарям Мусаеваға узақ жас жасаўына тилеклеспен. Алдымызда аман болсын!

 

Балалығы мийнет пенен өтсе де, билим деп талпынған бул шаңарақтан Марияш апаның изинен Улзада педиатр, Бийбизуҳра, Злихалар санитария-эпидемиология шыпакери, Улдәўлет стоматолог шыпакер болып жетилисти. Олардың медицинаға тартылыўында да үлкен әжапаның жол-жорығы бар. «Өзим емлеў иси факультетинде оқып бала менен қыйналғанлықтан сиңлилериме санитария, стоматология факультетине тапсырың дей бериппен. Кейнинен өкиндим,-дейди ол. Себеби олардың ишинде акушер-гинеколог, хирург болатуғындай шаққанлары бар еди.» 

Инсан өтип атырған ҳәр бир деминиң ғәниймет екенин аңлай бермейди. Ана менен баланың өмири ушын гүреслерде талай қыян-кести ўақыялардың жүз бергенин туўыў үйи хызметкерлери жақсы биледи. Бирақ ҳәр күнин қысқаша болса да күнделикке түсирип бармағанына бүгинги күнде қаҳарманымыз өкинеди. Китаплардағы ўақыялар турмыстан алынады. Болған, болатуғын, болыўы мүмкин болған ўақыялар. Ал, күнделик болса ҳақыйқый болған ўақыялардан қуралған болғаны ушын да ең исенимли китап. Бирақ оған әмел ете бермеймиз.
Район ҳәкиминиң Баспасөз хаткери болып ислеп жүрген пайытымда ҳәкимликтиң фейсбук тармағына нураныйлар ушырасыўынан пост қойдым. Онда Б.Мусаеваның да сүўрети бар еди. Қазақстанға районнан көшип кеткен жерлеслеримиз: «Марияш апамды көрип қуўанып қалдым, балларымның дүньяға келиўине жәрдеми тийген еди», «Өзимди де, қызымды да Марияш апа босандырған еди, бизден көп сәлем айтың!», «Марияш апа менен бирге ислеген пайытларымды сағындым», «Меннен де сәлем» айтың деген шын кеўилден жазылған комментарийларға толған еди. Сол ўақытта Марияш апаның халқымыз, әсиресе аналар ушын қәдирдан инсан екенине көзим жетти. Ташкентли шәкирти, Венера достым да «Тахтакөпирдиң ҳаялларының 90 пайызы Марияш ападан миннетдар болса керек» деп мойынлаған еди.
Инсан темирден жаралған емес, оны турмыстың ғалма-ғалы, жумыстың тәшўишлери, базда уйқысыз түнлер, денсаўлыққа итибарсыз жуўырыўлар бәри-бәри ўақыт өтиўи менен шаршатады. Бүгин 75 жастың бәҳәрине қәдем қойған жасы үлкен апамыз, көплеген инсанлардың дүньяға келиўине Алладан соң жәрдемши болған мыңлардың киндик шешеси Бийбимарям Мусаева 75 жасқа толып атыр. Өмирлик жолдасы Қанияз Айтеков пенен елиў жылдан аслам бир шаңарақта, бир кәсипте болып, ул-қызлардың, ақлықлардың қоршаўында ғаррылық бахтын сүрмекте.
Марияш апаға қутлы жас мүбәрек, бәҳәр байрамлары мүбәрек болсын, дегимиз келеди. Саў-саламатлық пенен қосақарыў бахтын тилеймиз.

Гүлнара Дәўлетмуратова