Ma'daniyat ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР БАЙРАМЫНДА

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР БАЙРАМЫНДА

14
ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР БАЙРАМЫНДА

8-март-Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында  үлкемизге бәҳәр паслы енди,  ҳаял-қызларымыздың кеўиллеринде бәҳәр, жүзлеринде қуўаныш. Өйткени, кеўиллеримизди бәҳәр самалы менен бирге  байрам нәпеси ийелеген.
Ҳәр бир тараўда өзиниң белгили дәрежеде орны бар  районымыздың  ҳаял-қызлары да ҳәр қашанғыдай байрам мүнәсибети менен  иззетте болды. Себеби, олар ҳәр бир шаңарақтың гүли, жәмийеттиң де  жүгин қоса тартып жүрген өз кәсибиниң пидайылары, бири медицинадан болса, бири билимлендириўден,  және бири аўыл хожалығы тараўының жанкүйерлери.
Байрамға арналған салтанатлы  илаж өткерилип, онда район  басшылары  қатнасыўшыларды қызғын қутлықлап,  район халқының елиў пайызын қурайтуғын ҳаял-қызлардың ерлер менен бир сапта турып, районның социаллық-экономикалық өсиўинде теңдей мийнетлери бар екенин  мақтаныш пенен атап өтти.
Ҳақыйқатында да,  республикамызға белгили көплеген мийнет адамларын жетистирген аналарымыз,  районнан шыққан белгили  ҳаял-қызларымыз аз емес.    
Президентимиздиң басшылығында турмысымыздың барлық тараўларында кең көлемли реформаларды әмелге асырыў процессинде жәмийетимизде ҳаял-қызлардың абыро-йын арттырыў, билим алыўы ҳәм кәсип ийелеўи, жәмийетлик-сиясий турмысқа белсене қатнасыўы ушын шараятлар жаратыўға дыққат қаратылған. Районда усындай мүмкиншиликлерден пайдаланып атырған ҳаял-қызлар саны күн санап артып бармақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ    институтын  беккемлеў тараўындағы жумысларды және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 2-февраль күнги Пәрманына муўапық, «Муътабар аёл» көкирек белгиси шөлкемлестирилген еди.    
Быйыл байрам қарсаңында бул сыйлық билимлендириў тараўының пидайысы, нураный устаз,  «Меҳнат шуҳрати» ордениниң ийеси Ғумшагүл Нызаматдиноваға несип еткен болса, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарарына тийкарланып, «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Жумахан Өтепова «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Әзийз аналарымыз, өмиримиздиң гүлтажы болған ҳаял-қызлар ҳаққында қаншама мақтаныш етсек те көплик етпейди. Биз меҳир-муҳаббат ҳәм адамгершиликтиң дәслепки сабақларын аналарымыздан, олардың бесигимиздиң әтирапында пәрмана болып айтқан ҳәййиўлеринен аламыз. Сонлықтан да ҳаял-қызлар байрамын белгилеў ҳәм ҳаял-қызларды ҳүрметлеўде үлкен мәни бар.  
Байрам мүнәсибети менен бир кесе шай үстинде ҳаял-қызлар сәўбетлесер екен, өзлерине көрсетилип атырған ҳүрмет-иззеттен  кеўиллери толғанын аңлаў қыйын емес. Оларға бир аўыз шийрин сөз, бир  дана гүлдиң өзи жетерлидей. Себеби, олардың кеўиллери-қолларындағы гүлден де нәзик.
Байрам саўғалары, ойын-заўықлар байрамның мазмунын және де байытты.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТИЯРОВА