Шарӯашылықтың үлеси
2023-жылдың 1-январь жағдайына өткен жылдың усы дәӯирине салыстырғанда ири шақлы қарамаллар 106,8 пайызға (жәми 48198 басты қурайды), соннан сыйырлар 101,5 пайызға (21323 бас), қой ҳәм ешкилер 101,6 пайызға (157522 бас) өсти.
Дийхан (Халықтың жеке жәрдемши) хожалықларында ири шақлы қарамаллардың үлеси 92,5 пайызды, фермер хожалықларында болса 7,1 пайызды, соннан, сыйырлар 93,2 ҳәм 6,5 пайызды, қой ҳәм ешкилер 79,1 ҳәм 17,0 пайызды, атлар 83,7 ҳәм 15,9 пайызды, таӯықлар 99,9 ҳәм 0,1 пайызды қурайды.
2022-жылдың январь-декабринде барлық тайпадағы хожалықларда тири салмақ есабында 6 427,9 тонна гөш (2021-жылдың январь-декабрине салыстырғанда 112,4 пайызға көп), 13 155,5 тонна сүт (102,1 пайызға көп), 7515,9 мың дана мәйек (103,9 пайыз) ислеп шығарылды.
ТАХТАКӨПИР РАЙОНЫ СТАТИСТИКА БӨЛИМИ