Ma'daniyat Дөретиўшилер менен ушырасыў

Дөретиўшилер менен ушырасыў

12
Дөретиўшилер менен ушырасыў

Турмысымызда ша-йыр, жазыўшылардай дөретиўши инсанлар көп емес. Олардың таланты, қәлеминен дөреген прозалық, поэзиялық дөретпелериниң дөрелиў тарийхы, китап болып басылымнан жарық көриўи-жас өспиримлер ушын қызықлы процесс, әлбетте. Китапқумарлыққа қызығыўшы жасларды китап оқыў менен бирге олардың авторлары менен ушырасыў да қызықтырады. Себеби, дөретпе қаҳарманлары ҳаққында олар сораўларына жуўаплар алыў мүмкиншилигине ериседи. Бүгинги күнде орта билим бериў мектеплеринде руўхый ағартыўшылық ислери ҳәм үгит-нәсиятлаўшы  устазлардың талапшаңлығы менен оқыўшы жаслар жазыўшы-шайырлар менен жүзбе-жүз көрисиў, олар менен сәўбетлесиў өткериў мүмкиншилигине ерисип атыр.
Усындай ушырасыўлардың бири райондағы 6-санлы орта мектебинде өткерилди. Онда қатнасқан Өзбекстанға мийнети сиңген журналист, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Алтынгүл Өтениязова  ҳәм музейтаныўшы Айжамал Юсуповалар жас өспирим китапқумарлар менен ушырасты. Шайыр Алтынгүл Өтениязова өз сөзинде халқымызға тән болған миллийликти, инсаныйлықты,  ўатансүйиўшилик туйғыларын балалар әдебий китаплардан алатуғынын, китап оқыўшы жас өспиримлерде ҳәр қашан да жақсылықлар қәлиплесип баратуғынын атап өтти ҳәм жас өспиримлерди китапқа қызықтырыўға бағдарлады.
Жасларымыздың китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў, китап қумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм әдебий мийрасларымызды кең түрде үгит-нәсиятлаў- бүгинги күнниң талабы. Солай екен, орынларда талантлы дөретиўши инсанлар менен ушырасыўлардың өткерилиўинде үлкен мәни бар.

 Гүлнара Дәўлетмуратова