Fan va ta'lim Ушырасыў болып өтти

Ушырасыў болып өтти

0
Ушырасыў болып өтти

Район ҳəкимлигиниң мəжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Б.Айтеков, Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы судының баслығы Д.Сражатдинов ҳəм Тахтакөпир районы Әдиллик бөлими баслығы Н.Калимбетовлардың  қатнасыўында район белсендилери менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда  2022-жыл 3 ҳəм 4-февраль күнлери Ташкент қаласында болып өткен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма үшинши жалпы мәжилисинде көрип шығылған мəселелердиң мазмун-мəниси ҳəм усы мəжилисте белгилеп берилген ўазыйпалардың əмелге асырылыўы бойынша түсиник берилди. Буннан соң районлық 3-санлы шет тили пәнине қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеби ҳəм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасында болып, жаратылған шараятлар менен танысты, соның менен бирге Халық қабыллаўханасында пуқаралар менен ушырасып олардың мүрəжатлары тыңланды. 

Taxtakópir rayonı hákimliginiń málimleme xızmeti