Конституциямызға 29 жыл толыў мүнәсибети менен байрам кешеси өткерилди.
1076
0
Районлық Мәденият бөлиминде 8-декабрь Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 29 жыллық байрамы белгилеп өтилди. Байрам кешесине сектор баслықлары, мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары басшылары қатнасты. Байрам кешесинде район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы судының баслығы Д.Сражатдиновлар шығып сөйлеп байрам менен қутлықлады.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети