Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.Ғаниев Тахтакөпир районында хызмет сапарында болды.
1069
0
2021-жылдың 4-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң орынбасары, аграр ҳәм азық-аўқат мәселелери комплекси баслығы Шухрат Мадаминович Ғаниев райондағы «Мүлик» аўыл пуқаралар жыйынында болып, усы аймақтағы шарўашылық пенен шуғылланып атырған бир қатар шопанлардың ҳал жағдайларынан хабар алды.
Сондай-ақ шарўа малларын қыс айында тоқ ҳәм шығымсыз алып шығыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Илажға Қарақалпакстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевлар қатнасты.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети