Ҳуқықый түсиниклер берди
1046
0
Нөкис районлар аралық судының судьясы М.Қыпшақбаев райондағы Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйынында пуқаралар менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалардың мазмун-әҳмийети, жынаят ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершилик, жазалардың мақсети ҳәм түрлери ҳаққында түсиниклер берди. Пуқаралар өзлериниң мүрәжатлары менен, айырымлары өзлерин толғандырып жүрген сораўлары менен қатнасты.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети