Ана тили байрамы алдынан
1080
0
1-декабрь - қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги күни алдынан 4-санлы орта мектепте "Ана тилим, сен басқадан айырмам" атамасында байрам кешеси өткерилди.
Мектеп жәмәәтин мектеп директоры У.Измурзаева байрам мүнәсибети менен қутлықлады. Ана тили оқытыўшысының ана тили ҳәм оның тазалығын сақлаўға шақырыўшы баянаты тыңланды. Балалар сахнада қарақалпақ тилиниң басқа тиллерден өзине тән айырмашылығы, тилдиң раўажланыўы - миллеттиң тәғдири екенин өз қосықларында келтирип өтти. Мектеп оқыўшылары таярлаған концерт бағдарламасы атқарылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети