Батыр өз мектебине ушырасыўға келди
1079
2
"Болар бала бес жасынан белгили" дейди халқымыз. Зейинли, қызығыўшаң, билимге қуштар балалар қатарынан айырылып турады. Сондай-ақ, олардың кәсип таңлаўы да сондай. Қаратерең аўылында туўылып өскен, 5-санлы мектептиң 9-класс питкериўшиси Батыр Жүсипбеков Шыныбек улы бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигине қараслы Нөкис "Темурбеклер мектеби" әскерий академиялық лицейиниң 2-курсында тәлим алмақта. Б.Жүсипбеков өзи билим алған ана мектебинде болып, устазлары, мектеп оқыўшылары менен ушырасты. Ушырасыўға лицей директоры, районлық қорғаныў бөлими баслығы, тағы басқалар қатнасты.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети