Ma'daniyat «Үлгили үгит-нǝсиятшы» анықланды

«Үлгили үгит-нǝсиятшы» анықланды

0
«Үлгили үгит-нǝсиятшы» анықланды

 

Районлық мәденият орайында "Үлгили үгит-нәсиятшы" таңлаўы өткерилип, оны Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамынан келген қәнигелер баҳалап барды.
Мектеплерде енгизилгенине еле бир жыл болмаса да, үгит-нәсиятшы журналистлер ҳәм оқытыўшылар бүгинги таңлаўда өзлериниң уқыбы, билими, шаққанлығы менен  жоқары баҳаланыўға еристи. Жарыс жуўмағында 3-санлы орта мектептиң үгит-нәсиятшысы Муҳаббат Изимбетова қатарларынан алық шығып, бириншиликти ийеледи. 2-орынды 11-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы Н.Реймқулова, 3-орынды 2-санлы орта мектептен Ж.Иматовалар өз-ара бөлисти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети