Siyosat Партия белсендилери болған жаслар менен ушырасыў

Партия белсендилери болған жаслар менен ушырасыў

0
Партия белсендилери болған жаслар менен ушырасыў

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң киши мәжилислер залында Өзбекстан либерал демократиялық партиясының белсенди жаслары менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси аппарат баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ш.Өтемисов ҳәм жаслар бөлими баслығы Ж.Юсупов, район ҳәкиминиң жаслар сиясаты маселелери бойынша орынбасары Б. Танирбергеновлар  қатнасты. Ушырасыўда елимизде болып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша соңғы жыллардағы имканиятлар ҳаққында сөз болды. Партия белсендилерин қызықтырған сораўлары тыңланды ҳәм пикир-усыныслар билдирилди. 24-октябрь күни өткерилиўи күтилип отырған президент сайлаўы бойынша да түсиниклер берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети