ИНГЛИС ТИЛИ ПӘНИ ДѲГЕРЕГИНИҢ ӘҲМИЙЕТИ
Инглис тили оқыўшының сөйлеў қәбилетин жетилистирип қоймай, қоршаған орталықтағы адамлар менен қарым-қатнас мәдениятына да үйретеди. Оқыўшының инглис тилинде сөйлеў қәбилетин жақсылаў мектепте берилетуғын билим мазмунының тийкарғы мақсети болып табылады. Себеби, оқыўшы муғаллим ҳәм басқа оқыўшылар менен қарым-қатнас барысында барлық пәнлерди өзлестиреди. Инглис тили пәни бойынша дөгерек сабақларын нәтийжели алып барыў оқыўшылардың ой-өрисин кеңейтиўге, сөйлеў қәбилетин еле де раўажландырыўға, пәнге болған қызығыўшылығын арттырыўға жәрдем береди.
Апрель айында 7-класс оқыўшылары менен шөлкемлестирилген «Let’s play!» дөгерек сабағында оқыўшылар инглис тилиндеги ойынлар әлемине саяхат етип, өз билим ҳәм тапқырлықлары арқалы тапсырмаларды аңсат орынлап, инглис тилиндеги коммуникативлик шеберликлерин көрсете алды. Бул дөгеректи шөлкемлестириўдиң баслы мақсети-оқыўшылардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, инглис тилине деген қызығыўшылығын еле де арттырыў, диалоглы қарым-қатнас техникасын үйретиў, сөз байлығын асырыў, тыңлаў, жазыў, оқыў ҳәм сөйлеў көнликпелерин раўажландырыў, тил билимлерин асырыў болып табылады. Дөгеректе оқыўшылар жыл даўамында ийелеген билимлери менен күш сынасты. Оқыўшыларға арнаўлы таярланып келинген сораўлар ҳәм тапсырмалар берилди. Атап айтқанда, «Jumbled letters, «Word puzzle», «Race of words», «Board game» ойынларында белгили бир тема бойынша инглис тилиндеги сөзлерди дурыс айтыў, қәтесиз жазыў арқалы өз билимлерин көрсете алды. Бул тапсырмалар ойын менен оқыў ҳәм жазыўды байланыстыра алды.
Оқыўшылар қызықлы шынығыўлар, логикалық тапсырмалар ҳәм ойынлар арқалы өткен темалары бойынша алған билимлерин беккемлей алды.
Оқыўшылардың өзлери таңлаған пән дөгереклерине қатнасыўы ҳәм жоқары белсендилик көрсетиўи-бул сапалы билим алыўдың беккем тийкары болып табылады.
Баян ИСКАКОВА
7-санлы мектептиң инглис тили пәни муғаллими