Fan va ta'lim ТИЙИСЛИ ЖӘРДЕМЛЕР КӨРСЕТИЛДИ

ТИЙИСЛИ ЖӘРДЕМЛЕР КӨРСЕТИЛДИ

0
ТИЙИСЛИ ЖӘРДЕМЛЕР КӨРСЕТИЛДИ

2019-жыл 8-январда қабыл етилген аймақларды  комплекс социал-экономикалық раўажландырыўға қаратылған Президент қарары тийкарында 2-санлы секторға  2 МПЖ ҳәм 2 АПЖ бириктирилген.

Сектор аймағында 5 улыўма орта билим бериў мектеби, 4 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси,  1 медицина бирлеспеси, 1 халыктың мәдений дем алыў орайы, 3 аўыллық шыпакерлик пункти, 209 исбилерменлик субъектлери  хызмет көрсетпекте.

Сектордағы социаллық дәптерлерге киргизилген 273 ҳаялға районлық  медицина бѳлими тәрепинен 1 млн. 690 мың сум муғдарында медициналық жәрдем көрсетилип, олар  дәри-дәрмақлар менен тәмийинленди.

Ал, ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен халықтың мүтәж қатламына ҳуқықый мәсләҳәтлер берилип, тәжирийбели психологлар тәрепинен оларға тийисли жәрдемлер көрсетилди.

Өткерилген хатлаў ҳәрекетлери нәтийжесинде түрли машқалаларға ийе жаслар анықланды ҳәм олардан жәми 88 жас “Жаслар дәптерине” киргизилип, 43 жас кәсип-ѳнер ҳәм исбилерменликке оқытылды. Сондай-ақ, олардан айырымлары турақлы ҳәм мәўсимлик жумысларға орналастырылды.

Мәселен, пуқара А.Даўлетназаров ҳәм А.Қудайбергеновалар ҳақы төленетуғын жумысларға орналастырылды. Ал, пуқара Н.Идимова улыўма билим бериў мектебине жумысқа жайластырылды.

Райондағы “Айдын жол”, “Дәўқара”, “Белтаў” АПЖ ҳәм “Қаратерең” МПЖ аймақларындағы ишки жолларда оңлаў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, тутыныўшыларды сыпатлы ҳәм үзиликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде усы аймақларда оңлаў жумыслары жүргизилди.

Буннан тысқары, 2024-2025 жыл гүз-қыс мәўсимине газ тармақларын ҳәм газ бѳлистириў үскенелерин таярлаў бойынша белгиленген реже тийкарында ревизия жумыслары әмелге асырылды.  Сондай-ақ, “Дәўқара” АПЖ турғынларын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеп турған суў станциясының насос агрегетына оңлаў жумыслары алып барылды.

Мәкеме ҳәм шөлкемлердиң қәўендерлери есабынан 6 жалғыз ҳәм де жалғыз жасаўшы кекселердиң турмыс жағдайынан хабар алынды. Оларға 2 млн. 836 мың сумлық азық-аўқат ѳнимлери менен материаллық жәрдемлер көрсетилип, бийпул дәри-дәрмақлар жеткерип берилди.

Усы жылдың бүгинги күнине шекем 30 пуқараға стационар ҳәм амбулатория шараятында емлениў ордерлери берилди. Сондай-ақ, олардың мүтәж қатламы майыплар арбашасы, еситиў аппараты, қолтық таяқ, ҳаса ҳәм де протез-ортопедиялық буйымлары менен тәмийинленди.

Аймақта 16 юридикалық ҳәм 55 жеке тәртиптеги исбилерменлер хызмет көрсетпекте. Бүгинги күнге шекем солардан 199 пуқараға 2 млрд. сум муғдарында кредитлер ажыратылыўында әмелий ҳәм ҳуқықый жәрдемлер көрсетилди.

Атап өтетуғын болсақ, пуқаралар Г.Қайпназарова, Б.Тилеўов ҳәм О.Жақсымуратоваларға дерлик 100 млн. сумнан жеңиллетилген кредитлер ажыратылды. Буның нәтийжесинде, жаңа жумыс орынлары жаратылды.

 

Рахманберди ЖАЛЕЛОВ, 

Тахтакөпир районы прокуроры.